Янгиликлар
19
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Айырым қурылыс техникалары бажыхана төлемлеринен азат етиледи
«Аймақларда көп квартиралы имаратлар қурыў жумысларын жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-4718-сан, 19.05.2020 ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, төмендегилер бажыхана төлемлеринен (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи:
-2021-жыл 1-январға шекем болған мүддетте импорт етилетуғын жаңа қурылыс ҳам ранаўлы техникалар ҳәмде жүк тасыў транспорт қураллары (27 түрдеги);
-2020-жыл 1-июлден 2023-жыл 1-июлге шекем болған мүддетте көп квартиралы монолит үй-жайлар қурыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық импорт қылынатуғын бетон қуйыў қәлиплери, бетон таярлаў машина ҳәм механизмлери.
Бажыхана төлемлерин төлеўшилер 2020-жыл 1-июлден 2023-жыл 1-июлге шекем болған мүддетте импорт қылынатуғын қурылыс тараўында пайдаланылатуғын машина ҳәм механизмлер, технологиялық затлар, киши механизация қураллары, әспап-үскенелер, аўысық бөлеклер ҳәм пүтинлеўши буйымлар бойынша бажыхана толемлерин (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымларынан тысқары) 120 күнге шекем кешиктирип ямаса бөлип-бөлип төлеў ҳуқықына ийе болады.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими