Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Бажыхана бажы ҳәм акциз салығын төлеў мүддети кешиктириледи

Президенттиң тийисли Пәрманына (https://lex.uz/docs/4396717) тийкар исбилерменлик субъектлерине товарлар (жумыслар, хызметлер) импорт қылыўда ҚҚСын төлеў бойынша 120 күн мүддетке шекем кешиктирип алыў ҳуқықы берилген еди.

Пәрманға муўапық, бажыхана органларына мүрәжат еткен күнге шекем 1 жылдан кем болмаған дәўирде сыртқы экономикалық искерликти әмелге асырып атырған микрофирма ҳәм киши кәрханаларға товарларды (тутыныў товарларынан тысқары) алып кириўде өндирилетуғын бажыхана бажы ҳәм акциз салығын төлеў мүддетин 2020-жыл 1-июлға шекем кешиктириўди қоллаў ҳуқықы, кейиншелик кешиктирилген сўмманы 120 күн даўамында тең үлеслерде төлеў шәрти менен берилди.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими