Янгиликлар
20
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Ыссыханалар орнатыў ушын субсидиялар ажыратылады
«Қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-4716-сан, 18.05.2020 ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл 20-майдан баслап Бәнтликке көмеклесиў мәмлекет фонды қаржылары есабынан төмендеги муғдарда субсидиялар ажыратылады:
халық бәнтлигине көмеклесиў орайы, жеткерип бериўши шөлкемлер ҳәм қыйтақ жер ийелери ортасында дүзилген үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында:
- жеңил конструкциялы ыссыханалар орнатыў ушын – БЕМның 30 есесине шекем;
- суўғарыў қураллары сатып алыў ушын – БЕМның 10 есесине шекем;
- туқымлық ҳәм нәллер сатып алыў ушын – БЕМның 3 есесине шекем;
Аўыл хожалығы кооперативлери устав фондына үлес сыпатында киргизиўи ушын – БЕМның 10 есесине шекем (бунда, аўыл хожалығы кооперативлери балықшылық, қояншылық, қусшылық, мийўе-палызшылық, жүзимшилик, тигиўшилик, өнерментшилик ҳәм басқа адынғы тараўларда шөлкемлестириледи).
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими