Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Еслетпе


Бүгиннен баслап (2020-жыл 18-май):

Ташкент қаласынан Нөкис, Ургенш, Термиз қалаларына авиақатнаўлар (барыў ҳәм қайтыў) тикленеди;

Ташкент қаласынан Наўайы, Бухара, Қарши қалаларына «Афросиёб» тезжүрер поезди ҳәмде Ферғана ўәлаятына темир жол қатнаўы (барыў ҳәм қайтыў) қайта жолға қойылады.
Бунда авиа ҳәм темир жол қатнаўларын шөлкемлестириўде барлық карантин қағыйдаларына әмел етиў, атап айтқанда, жолаўшылар санын кемейттириў, дизенфекция қылыў ҳәм басқа санитариялық талаплары сөзсиз орынланыўы талап етиледи.

Еслетип өтемиз, Республика арнаўлы комиссиясы тәрепинен Карантин дәўиринде жергиликли жөнелислерде авиа ҳәм темир жол қатнаўларын жолға қойыўдың Ўақтыншалық тәртиби тастыйықланған.

Усы Ўақтыншалық тәртип талапларын бузыў эпидемияларға қарсы гүрес қағыйдаларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

Сондай-ақ, жеке автомобиллерде төмендеги тәртипте ҳәрекетлениў мүмкин:

- «жасыл» тайпадағы аймақларда – Республика арнаўлы комиссиясы жыйналысының 2020-жыл 6-майдағы 21-сан баяны менен автотранспорт қуралларының арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) ҳәрекетлениўине рухсат берилген;

- «сары» тайпадағы аймақларда – саат 06.00ден – 22.00 шекем болған ўақыт аралығында автотранспорт қураллары арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) ҳәрекетлениўи мүмкин. Бунда автотранспорт қуралларының салонында 4 адамнан артық болмаўы лазым;

- «қызыл» тайпадағы аймақларда – автотранспорт қураллары арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) тек ғана күнниң арнаўлы ўақытында (07.00 ден – 10.00 ге шекм, 17.00 ден – 20.00 ге шекем) пуқаралардың жумыс орнына барып-келиўи, медициналық затлар, дәри қураллары, азық-аўқат ҳәм биринши нәўбеттеги өнимлерди сатып алыў ушын ҳәрекетлениўи мүмкин.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими