Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Миллий маманлықлар рамкасы тастыйықланды

«Өзбекстан Республикасында Кәсиплик маманлықлар, билим ҳәм көнликпелерди раўажландырыў миллий системасы искерлигин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» Ҳүкимет қарары (287-сан, 15.05.2020 ж.) қабыл етилди.
Қарар менен Өзбекстан Республикасы Миллий маманлықлар рамкасы тастыйықланды.

Миллий маманлықлар рамкасы кесте көринисиндеги конструкция болып, онда ҳәр бир маманлық дәрежеси бойынша кәсип искерлигин әмелге асырыў ушын талап етилетуғын билимлер, тәжрийбе ҳәм көнликпе, жеке ҳәм қәсиплик компетенциялар, сондай-ақ, тийисли маманлық дәрежесин ийелеў жоллары белгиленеди.

Атап айтқанда, компетенциялар төмендеги көрсеткишлер менен сәўлеленеди:
-  басшылық астындағы искерлик;
-  ғәрезсиз атқарыў интизамы;
-  басшылық искерлиги;
-  искерлик көлеми – ўәкиллик ҳәм жуўапкершиликтиң кеңлиги, кәсиплик искерликтеги мүмкин болған қәтениң ақибетлери.

Миллий маманлықлар рамкасы тийкарында мәмлекетлик басқарыў органлары ҳәм хожалық бирлеспелери ис бериўшилер бирлеспелери менен бирге ислесиўде тармақлар маманлық рамкаларын ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды.
Қарар менен сондай-ақ, Кәсиплик маманлықлар, билим ҳәм көнликпелерди раўажландырыў миллий системасы (Миллий маманлықлар системасы) ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Миллий маманлықлар системасының ўазыйпаларынан бири жумыссызлар ҳәм бәнт болмаған халықты, әсиресе жасларды кәсипке оқытыў, маманлығын асырыў ҳәм қайта оқытыўды шөлкемлестириўден ибарат.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими