Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

15 – МАЙ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ШАҢАРАҚ КҮНИ


Шаңарақ жәмийетимиздиң басланғыш буўыны, елимиздиң гөззал үрп-әдетлери ҳәм қәдриятларын өзинде асыраўшы муқаддес мәскан.

Ийгиликлер шаңарақтан басланады, оннан мәҳәллеге көшеди, жәмийетке кирип барады.

Шаңарақлық қатнасығының нызам менен қорғалыўы Республикамыз Конституциясында, Шаңарақ кодексинде ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринде
өз сәўлелениўин тапқан.

Конституцияның 63-статьясында шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген.

Сондай-ақ, “Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән Декларациясы”нда шаңарақлық қатнасықлары мәмлекетлерге жүклетилген әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып, ол кең мәниге ийелиги, бул халықаралық ҳүжжетлерде шаңарақтың жәмийеттиң тәбийий ҳәм тийкарғы бөлекшеси сыпатында, оның қол қатылмаслығын тәмийинлеў, балаларға тәлим ҳәм тәрбия бериў, аналар ҳәм жумысқа жарамсыз шаңарақ ағзаларына зәрүр болған материаллық жеңилликлер бериў ҳәм шаңарақты беккемлеў ҳәмде жолға қойыў лазым болған әҳмийетли мәселелер нәзерде тутылған.

Бүгинги күнде шаңарақ институтын беккемлеўге каратылған тарийхый-сиясий әҳмийетке ийе болған мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 27-июнь күни “Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў Концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПҚ-3808-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға көре, Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў бойынша тийкарғы бағдарлар етип шаңарақ институтын беккемлеўдиң институционал ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, социаллық шерикшиликти күшейттириў, заманагөй шаңарақты беккемлеў ҳәм раўажландырыў мәселелери бойынша фундаментал, әмелий  ҳәм инновацион изертлеўлер алып барыў, демографиялық раўажланыўды хошаметлеў ҳәм шаңарақ пәраўанлығы дәрежесин асырыў, шаңарақтың тарбиялық-тәлим потенциалын беккемлеў, жәмийетте дәстүрли шаңарақлық қәдриятларды сақлаў, шаңарақларда мәнәўий-әдеп-икрамлылық орталығын жақсылаў, шаңарақларға тәсиршең методик, консультатив ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўдиң нәтийжели системасын жаратыў белгиленди.

Усы Қарар талапларыа тийкар Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясы ҳәм “Жол картасы” тастыйықланды.

Қарар менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарамағындағы “Оила” илимий-әмелий изертлеў орайы Концепция ҳәм “Жол картасы”н әмелге асырыў процессиниң нәтийжели муўапықластырылыўы ҳәмде системалы мониторинги, олардың орынланыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе мәлимлеме берилиўин тәмийинлеў, Концепция хәм “Жол картасы”н әмелге асырыўға бағашланған  мәлимлеме-таллаў шолыўларын анық көрсеткиш ҳәм нәтийжелерин көрсеткен ҳалда турақлы рәўиште таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялап барылыўы шараларын көриў, зәрүр жағдайларда, пуқаралық жәмийети институтлары, илимий орталықлар, халықаралық шөлкемлер ўәкиллерин, сырт ел экспертлерин Концепция хәм “Жол картасы”н әмелге асырыўда катнасыўға, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бойынша актуал мәселелерди додалаўға қатнастарыў, соның менен қатарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-сентябрдеги A/RES/47/237-санлы резолюциясы менен жәрияланған Халықаралық шаңарақ күнин Республиканың бәрше аймақларында ҳәр жылы нышанлаў белгилеп берилди.

Президентимиздиң усы бағдардағы Пәрман ҳәм қарарларының өмирге енгизилиўи, гүмансыз, пуқаралар саламатлығын қорғаўдағы ҳәмде некелениўши жаслардың жуўапкершилигин жәнеде асырып бармақта.

И. Алдабергенов
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы