Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Мәмлекеттиң қүдирети – шаңарақ беккемлигинде


Шаңарақ жәмийеттиң тийкары болып, әййемнен шаңарақ қатнасықлары қәдирленген. Әсиресе, әйемги грек алымлары Сократ, Платон, Арасту шанарақ ҳаққында көплеп сиясий ҳәм ҳуқықый қарасларын алға сүрген. Шығыс ойшылларының дерлик барлығы тийкарғы итибарын шаңарақлық қәдириятларға қаратқан. 15-май – «Халық аралық шанарақ күни» деп аталыўының тийкарғы мақсетиде дүньяда шанарақ муқәддес екенлигин көрсетиў. Әййемги ўақытлардан миллий үрип-әдетлеримизди жас әўлад санасына сиңдириўде, оларды физикалық баркамал, руўхый жетик, меҳр-ақыбетли инсанлар етип тәрбиялаўда шанарақ орталығы әҳмийетли орын ийелеп келген. Кекселердиң ибратлы өмир жолы, үгитлери, жыллар бойы топланған тәжрийбеси жасларымыздың дурыс жолды таңлаўында жолбасшы ўазыйпасын өтемекте. Итибарлы тәрепи, шанарақ қатнасықларының нызам менен қорғалыўы Өзбекстан Республикасы Конституциясында, Шаңарақ кодексинде ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринде өз көринисин тапқан. Өзбекстан Республикасы Конституцияның 63-статьясында «Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе» деп көрсетилген. Сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән Декларациясында шаңарақлық қатнасықлар мәмлекетлер жуўапкершилигине жүклетилген әҳмийетли ўазыйпалардан бири, ол кең мәниге ийелиги, бул халық аралық ҳүжжетлерде шаңарақтың жәмийеттиң тәбиий ҳәм тийкарғы буўыны сыпатында, оның қәўипсизлигин тәмийнлеў, балаларға тәлим ҳәм тәрбия бериў, аналар ҳәм жумысқа жарамсыз шанарақ ағзаларына зәрүр болған материаллық жеңилликлер туўдырыў ҳәм шаңарақты беккемлеў ҳәмде жолға қойыў лазым болған әҳмийетли мәселелер нәзерде тутылған.

Сол себепли мәмлекетимизде шаңарақ беккемлигин тәмийинлеў әсиресе, жас шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, зәрүр шәрт-шәраятларды жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў бойынша тийкарғы бағдарлар белгиленди:

Бириншиден, шаңарақ институтын беккемлеўдиң институционал ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, социаллық шерикликти күшейтириў;

Екиншиден, заманагөй шаңарақты беккемлеў ҳәм раўажландырыў мәселелери бойынша фундаментал, әмелий ҳәм инновацион изертлеўлер алып барыў;

Үшиншиден, шаңарақ пәраўанлығы дәрежесин асырыў;

Шаңарақтың тәрбиялық-тәлим қәбилийетин беккемлеў, жәмийетте шанарақлық қәдириятларды сақлаў, шаңарақларда руўхый-әдеп икрамлылық орталықты жасқылаў сыяқлы мәселелер бүгинги күнде даўам етпекте.

Қуўанарлы тәрепи ҳәтте сынаўлы пандемияға қарсы гүресип, карантин жағдайда да ҳеш бир шаңарақ мәмлекет итибарынан шетте қалмайды. Сиясий партиялар, МКШ лер, мәҳәлле, ҳаял-қызлар, жаслар шөлкемлери барлығының бирден-бир мақсети ҳәм ҳәрекети мәмлекетимизде саламат шаңарақты қәлиплестириў ҳәм беккемлеў. Қайсы мәмлекеттиң күш-қудиретин көрмекши болсаңыз оның шаңарақларына қараң, шаңарағы тыныш болса ол қудиретли. Сол себепли Халық аралық шаңарақ күни пүткил дүньяда ҳәр жылы 15-май күни белгиленеди.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими