Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Шарўашылық тармағына субсидия ажыратыў тәртиби белгиленди
«Шарўашылық тармағына мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратыўды тәртипке салыўшы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында» Ҳүкимет қарары (280-сан, 12.05.2020 ж.) қабыл етилди.
Президенттың ПҚ-4576-сан қарары (https://lex.uz/docs/4717189) менен 2020-2022-жылларда мәмлекет тәрепинен шарўашылық өнимлери жетистириўши хожалықларға, балық жетистириўши хожалықларға, қусшылық хожалықларына субсидиялар ажыратылыўы нәзерде тутылған. Ҳүкимет қарары менен усы субсидияларды ажыратыў тәртиби белгиленди, тийисли режелер тастыйықланды.
Қарар менен сондай-ақ, шарўашылық тармағын жәнеде раўажландырыў искерлигин нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлеў бойынша районлар (қалалар) комиссияларының ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар комиссиясы қурамы тастыйықланды.
Белгиленген тәртипке көре, субсидия алыўшы район комиссиясына арза менен мүрәжат етеди.
Район комиссиясы арзасын көрип шығып, субсидия ажыратыў ямаса субсидия ажыратыўдан бас тартыў ҳаққында жуўмақ қабыл етеди.
Субсидия ажыратыў ҳаққында жуўмақ қабыл етилгенде булл ҳаққында субсидия алыўшы жуўмақ қабыл етилген күни хабардар етиледи.
Район комиссиясы тәрепинен арзасы нусқасы, оған қосымша етилген ҳүжжетлер ҳәс субсидия ажыратыў ҳаққындағы жуўмақ ўәлаят комиссиясына усынылады.
Ўәлаят комиссиясы өз наўбетинен ҳүжжетлерди 2 жумыс күнинде «Ўзбекчорванасл» агентлигине жибереди.
Агентлик тәрепинен ҳүжжетлер көрип шығылады ҳәм субсидия қәржылары субсидия алыўшылардың коммерциялық банклериндеги тийкарғы есапбетлерине өткерип бериледи.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими