Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасында өзгерислер болды
«Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң искерлигин жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-4710-сан, 12.05.2020 ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Министрлер Кабинетиниң жаңаланған атқарыўшы структурасы тастыйықланды.

Төмендеги лаўазымлар киргизилди:
Бас министрдиң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары;
Бас министр мәсләҳәтшиси – IT-технологиялар, телекоммуникациялар ҳәм инновацион искерликти раўажландырыў мәселелери департаменти баслығы;
Бас министр мәсләҳәтшиси – Санаат ҳәм оның базалық тармақларын ҳәмде кооперация байланысларын раўажландырыў мәселелери департаменти баслығы.

Қарарға көре, Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасында төмендегилер сапластырылды:

Бас министрдиң билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы;
Бас министрдиң санаатты ҳәм кооперация байланысларын раўажландырыў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымы;
Мәҳәлле, шаңарақ ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, мәденият, руўхыйлық ҳәм жәмийетлик шөлкемлери мәселелери секретарияты;
Билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў мәселелери секретарияты.
Сондай-ақ, қарар менен Министрлер Кабинети структурасында Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, жаслар, руўхыйлық ҳәм жәмийетлик шөлкемлери, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-куўатлаў мәселелери секретарияты шөлкемлестирилди.
Қарар менен Бас министрге бир қатар жаңа ўазыйпалар жүкленди.
Бас министр, атап айтқанда, IT-технологиялар, «электрон ҳүкимет»ти енгизиў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийнлеў, сондай-ақ, телекоммуникациялар, илим-пән, илимий изертлеўлер ҳәм инновацияларды раўажландырыўды тәмийинлеў искерлигине туўрыдан-туўры басшылық қылады.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими