Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Ҳәр бир мүрәжат итибарда


Қанлыкөл районы әдиллик бөлимине Қанлыкөл районы Хажы Палўан көшеси 9 жайда жасаўшы пукара И.Ерниязов 2020-жыл 5-май күни әкеси Ерниязов Мубарактың I-топар майыбы екенлигин, ҳәзирги күнде пайдаланыўындағы майыплар арбашасы жарамсыз ҳалға келип қалғанлығын билдирип, басқа майыплық арбашасын алып бериўде әмелий жәрдем бериўди сораған мүрәжат етти.
Пуқара И.Ерниязовтың мүрәжаты районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2016-жыл 14-июнь күнги 2801-сан менен дизимнен өткен “Мүтәж шахсларды протез-ортопедия, реабилитация техник буйымлары ҳәм кресло арбашалар менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққында”ғы қолланбасына тийкар үйренип шығылып пуқара И.Ерниязовтың әкеси пуқара Ерниязов Мубарак жаңадан нәгиранлық арбашасы менен тәмийинленди ҳәмде пуқараның мүрәжаты қанатландырылды.  


Қанлыкөл районы
әдиллик бөлими баслығы                                    
Т.Асанов