Янгиликлар
08
Билесизбе
Байрам (ислемейтуғын) күнлери хызметкерлерди ислетиў қадаған етиледи
Хызметкерлерди сол күнлери ис бериўшиниң бийлиги бойынша жумысқа тартыўға тек ғана жәмийетлик шәртнамасында, егер ол дүзилмеген болса, - ис бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамы комитети ямаса хызметкерлердиң басқа ўәкиллик органы менен келисип белгиленген тийкарлар бойынша жол қойылады. (https://lex.uz/docs/142859)
Ислеп шығарыў-техника шараятлары ҳәм басқа шараятларға көре жумысты тоқтатип турыў мүмкин болмаған орынларда, халыққа хызмет көрсетиў зәрүраты болған жумысларда, сондай-ақ кешиктирип болмайтуғын оңлаў ҳәм жүк артыў-түсириў жумысларында байрам (ислемейтуғын) күнлери ислеўге жол қойылады.
Дем алыс күнлери ҳәм байрам күнлериндеги жумыслар ушын кеминде еки есе муғдарында хақ төленеди.
❗️Байрам (ислемейтуғын) күнлери қарсаңында күнделик жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартырылады.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими