Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»


9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен Қанлыкөл районы Әдиллик бөлими хызметкерлери тәрепинен ўатанымызды қорғаўда ҳәмде ҳәзиргидей тыныш турмысты бизге жеткерип берген қаҳарманлардан бири Қанлыкөл районы Жаңа қала аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы нураний, екинши жер жүзлик урыс ветераны Нәметуллаев Оразбай ҳалынан хабар алынып, байрам саўғалары ҳәм азық-аўқат өнимлери тапсырылды. Урыс ветераны бөлим хызметкерлери менен ҳәзиргидей тыныш ҳәм пәраўан өмиримиз ушын гүрескен қаҳарманлар ҳәмде ҳәзирги абат турмысымыз ушын шүкираналық ҳаққында пикирлери менен бөлисти ҳәмде елимиз тынышлығы, ҳәзирги күндеги коронавирус бәлесинен халқымыз тезирек қутылыўы ушын қолларды пәтияға жайды.            
Усындай ўатанымыз ғәрезсизлиги ушын гүрескен халқымыз қаҳарманларына миннетдаршылық билдиремиз.

Қанлыкөл районы әдиллик бөлими баслығы Т.Асанов