Янгиликлар
08
Билесизбе
Пандемия шараятында мийманхана хызметлери айырым талаплар тийкарында хызмет көрсетеди
Республика арнаўлы комиссиясының қарары менен мийманханалар ушын өз хызметлерин шөлкемлестириўде пандемия шараятынан келип шығыўшы қосымша талаплар белгиленди.
Оған көре:
- мийманханаларда қабыллаўхана, күтиў заллары, текшелер, лифт, санитар-гигиеналық орынлары ҳәр 8 саатта ҳәмде улыўмалық пайдаланыўдағы буйымлар (есик тутқышы, лифт түймелери, күтиў залындағы стол, дизимге алыў орны стойкасы ҳәм ондағы ручкалар) ҳәр 2 саатта кеминде 1 мәрте дизенфекция етилиўи;
- улыўма пайдаланыўдағы объектлер (лифт, санитар-гигиеналық орынлары, валюта алмастырыў шақапшалары, аўқатланыў орынлары ҳәм басқалар) антисектик қураллары менен үзликсиз тәмийинлеўи ҳәмде қолды тез-тезден тазалап турыў бойынша өзбек, рус ҳәм инглиз тиллеринде жазылған ескертиўши жазыўлар болыўы;
- имараттың кириў бөлиминде келиўшилердиң дене басымын турақлы өлшеўди ҳәм дизенфекциялаўды жолға қойылыўы;
- хызметкерлер ҳәм харидарлардың санынан келип шығып жеке қорғаныў қуралларының (ниқап, қолқап, антисептик қуралы ҳәм басқалар) кеминде бес күнлик резерв қәлиплестирилиўи ҳәм турақлы болыўы;
- мийманхананың бәнтлик дәрежеси 50 процентинен асқан жағдайда медициналық хызметкериниң турақлы искерлигин тәмийинлениўи;
- мийманларды жайластырыўда шаңарақлық мийманлар саны 3 адамнан, басқа мийманлар саны 2 адамнан аспаўы лазымлығы белгиленди.
Усы талаплар номерлери саны 10 нан көп болған мийманханаларға қарата қолланылады.
Пандемия шараятында хостеллер ҳәм мийман үйлери искерлигине рухсат берилмейди
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими