Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Билесизбе


Табылма ушын зат ийесинен 20 процентке шекем сыйлық талап етилиўи мүмкин

Жойтылған затты таўып алған шахс булл ҳаққында оны жойытқан шахсты дәрхал хабардар етиўи ҳәмде табылған затты сол шахсқа қайтарыўы шәрт (https://www.lex.uz/docs/111189).
Табылған зат қайтарылыўын талап етиў ҳуқықына ийе болған шахс белгисиз болса, затты таўып алған шахс табылма ҳаққында ишки ислер органына, тийисли мәмлекетлик органларына ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органына мәлим етиўи шәрт.
Егер жойтылған затты алыўға хақлы болған шахс табылма ҳаққында ишки ислер органына ямаса тийисли мәмлекетлик органына хабар етилген ўақыттан баслап 6 ай даўамында анықланбаса затты таўып алған шахс оған ийелик етиў ҳуқықын алады.
Затты таўып алған шахс оны алыўға ҳақлы болған шахстан табылма ушын зат баҳасының 20 процентине шекем муғдарда сыйлық талап етиўге ҳақлы.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими