Янгиликлар
06
Юридикалық хызмет хызметкерлерин лаўазымға тайынлаўда әдиллик уйымлары менен келисиўде талабанға берилетуғын сораўлар дизими
Юридикалық хызмет хызметкерлерин лаўазымға тайынлаўда әдиллик уйымлары менен келисиўде талабанға берилетуғын сораўлар дизими
I. Кәсип искерлигине байланыслы болған нызамшылық тараўы бойынша
1. Юридикалық хызмет хызметкерлери искерлигин тәртипке салыўшы тийкарғы нызам ҳүжжетлерин санап бериң.
2. Юридикалық хызмет искерлигиниң тийкарғы бағдарлары.
3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-январьдағы ПҚ–2733-санлы қарарына тийкарланып юридикалық хызмет хызметкерлерине қандай жеңилликлер жаратылган?
4. Норма дөретиўшилиги искерлигин раўажландырыў концепциясының тийкарғы бағдарлары.
5. Юридикалық хызмет хызметкерин стажировкадан өткериў тәртиби.
6. Юридиклық хызмет хызметкериниң физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыўдағы қатнасы.
7. Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнелиси бойынша раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнелиси бойынша ҳәрекетлер стратегиясының мазмунын айтып бериң.
8. Физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүрәжатларының түрлери ҳәм формалары.
9. Норматив-ҳуқықый ҳүжжет түсиниги ҳәм түрлери.
10. Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң өз-ара қатнасы.
11. Норматив-ҳуқықый ҳужжетке рәсмий түсиндирме бериў тәртиби.
12. Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди рәсмий жәриялаў тәртиби.
13. Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекет сиясатының үстин бағдарлары орта мүддетли келешекте нелерден ибарат?
14. Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы дегенде не түсиниледи?
15. Министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен қабыл етилетуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге ҳуқықый мирасхорлық дегенде нени түсинесиз?
Норматив-ҳуқықый ҳүжжеттиң арқаға қайтыў күши дегенде нени түсинесиз
16. Нызам ҳүжжетлерин тарқатыў системасын түсиндирип бериң.
17. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў тәртибин айтып бериң.
18. Норматив-ҳуқықый ҳужжетлер жойбарларын таярлаў тәртиби.
19. Ҳәкимшилик реформалар концепциясының тийкарғы жөнелислери.
20. Қандай факторлар фактор ҳуқықын қоллаўшыларға тийкарсыз раўиште көрип шығыўдың кең көлемин ямаса улыўма қағыйдалардан шығыўшы жеңилликлерди (истисноларды) тийкарсыз қоллаў имканиятын белгилеўши коррупциялық факторлар сеапланады?
21. «Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамының мазмун-мәниси.
22. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилген қарарларды қайта көрип шығыў.
23. Социаллық шериклик не? Оның мәмлекетлик жеке шериклик пенен өз-ара парқы.
24. Парламент бақлаўы дегенде нени түсинесиз?
25. Электрон ҳүкиметтиң тийкарғы ўазыйпалары.
26. Ҳуқықый экспертиза не?
27. Медиация түсинигин тәрийплеп бериң.
28. Норматив-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбары, оны қабыл ететуғын уйымға киритиў тәртиби.
29. Ҳуқықый мәденият ҳәм ҳуқықый негилизм түсинигин тәрийплеп бериң.
30. Коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары нелерден ибарат?
II. Конституциялық ҳуқық тараўы бойынша
1. Өзбекстан Республикасы Конституциясының тийкарғы принциплери нелерден ибарат? 2. Өзбекстан Республикасы Конституциясында пуқаралардың қандай сиясий ҳуқықлары белгиленген?
3. Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясаты қандай қағыйда ҳәм нормаларға тийкарланған?
4. Өзбекстан Республикасы Конституциясында пуқаралардың қандай жеке ҳуқық ҳәм еркинликлери белгиленген?
5. Өзбекстан Республикасы Конституциясында қандай экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықлар белгиленген?
6. Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиланген инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепилликлери қандай?
7. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық пуқаралардың миннетлемелери нелерден ибарат?
8. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық жәмийеттиң экономикалық негизлери нелерден ибарат?
9. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси қандай?
10. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисин дүзиў тәртиби.
11. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Олий Мажлис Нызамшылық палатасының толық (абсолют) ўәкилликлерине нелер киреди?
12. Нызамларды қабыл етиў ҳәм күшке кириў тәртиби.
13. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына сайланыў ушын пуқараларға қандай талаплар қойылған?
14. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ҳуқықый статусы ҳәм ҳүкимет ағзаларын дүзиў тәртиби.
15. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Бас министрге исенимсизлик вотумын билдириўдиң тийкары ҳәм тартиби қандай?
16. Өзбекстан Республикасы Конституциясында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының тийкарғы ўазыйпалары сыпатында нелер көрсетилген?
17. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық ҳәкимлердиң ўәкиллик мүддети ҳәмде тайынланыў тәртиби.
18. Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар қандай тәртипте киритиледи?
19. Кимлер нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе?
20. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен қандай ҳүжжетлер қабыл етиледи?
21. Өзбекстан Республикасында сайлаў системасын айтып бериң?
22. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық финанс-кредит ҳәмде банк системасы.
23. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық судъяларға қойылатуғын талаплар.
24. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық мәмлекет ҳәкимиятының бөлиниў принципи ҳаққында айтып бериң.
25. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық суд системасы ҳаққында айтып бериң.
26. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының ўазыйпалары.
27. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий суды қандай жумысларды әмелге асырады?
28. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Өзбекстан Республикасы прокуратура органлары қандай ўазыйпаларды әмелге асырады?
29. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў тәртиби.
30. Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық қандай жәмийетлик бирлеспелерин дүзиў қадаған етиледи?
III. Пуқаралық ҳәм мийнет нызамшылығы тийкарлары бойынша
Пуқаралық нызамшылығы
1. Пуқаралық нызам ҳүжжетлериниң ўақыт бойынша әмел етиўи.
2. Юридикалық шахс түсиниги ҳәм түрлери. Оның ҳуқық уқыплылығы.
3. Затлық (Ашёвий) ҳуқық не? Оған нелер киреди?
4. Мүлк ҳуқықының жүзеге келиўи ҳәм бийкар болыўы тийкарлары?
5. Питим түсиниги, түрлери ҳәм де формаларын айтып бериң.
6. Питим ҳәм шәртнамалардың парқлы тәреплерин айтып бериң.
7. Даўа мүддети түсиниги.
8. Эмансипация түсиниги.
9. Мәжбүрият түсиниги ҳәм мәжбүрияттың тәреплери.
10. Даўа мүддетин енгизиўге қойылатуғын талапларды санап бериң.
11. Гиреў түсиниги ҳәм оның жүзеге келиўи тийкарлары.
12. Субсидиар жуўапкершилик дегенде не түсиниледи?
13. Национализация не? Оның реквизициядан парқы неде?
14. Авторлық ҳуқықы объекти ҳәм оның түрлери.
15. Пуқаралардың ҳуқық ҳәмде ҳәрекет уқыплылығы.
Мийнет нызамшылығы
16. Хызметкердиң тийкарғы мийнет ҳуқықларына нелер киреди?
17. Мийнет шәртнамасы түсиниги.
18. Мийнет шәртнамасы қандай формада ҳәм қандай мүддетке дүзиледи?
19. Жәмаат шартнамасын дүзиў тәртиби.
2 0. Жумысқа қабыл етиўде дәслепки сынаў мүддети түсиниги ҳәм дәслепки сынаў мүддети кимлерге қолланылмайды?
21. Қайсы себеплер (тийкарлар) бар болғанда мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў тийкарлы есапланады?
22. Мийнет шәртлери дегенде не түсиниледи, қайсы жағдайларда жумыс бериўши мийнет шәртлерин хызметкердиң разылығысыз өзгертириўге ҳақлы.
23. Мийнет шәртнамасын бийкар етиў бойынша ескертиў бериў тәртиби.
24. Қайсы жағдайларда мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етилгенинде кәсиплик аўқамларының разылығы алынбайды?
25. Мийнет шәртнамасының тәреплер қәлеўине байланыслы болмаған жағдайлар бойынша бийкар етилиўи.
26. Мийнет нызамшылығы бойынша ҳаялларға берилген жеңилликлер.
27. Интизамий жаза шараларының түрлери ҳәм интизамий жазаның әмел етиў мүддети. 28. Интизамий жазаларды қолланыў тәртиби қандай?
29. Мийнет нызамшылығы бойынша жыллық тийкарғы дем алыс бериў тәртиби. 30. Мийнетти қорғаў талаплары дегенде нени түсинесиз?
IV. Шәртнамалық-ҳуқықый искерлик тараўы бойынша
1. Шәртнамалық қатнасықлардың тийкарғы принциплери.
2. Хожалық шәртнамасы түсиниги.
3. Қашан шәртнама дүзилген есапланады?
4. Шәртнаманы өзгертиў ҳәм бийкар етиў тийкарлары, тәртиби ҳәм оның ақыбетлери. 5. Хожалық шәртнамасына қойылған тийкарғы талаплар.
6. Шәртнама мәжбүриятларын бузғанлық ушын лаўазымлы шахсларға қарата қандай жуўапкершилик шаралары көриледи?
7. Ғалабалық шәртнама не?
8. Оферта ҳәм акцепт не?
9. Ғалабалық оферта не ?
10. Шәртнаманың формасы.
11. Өним жеткерип бериў шәртнамасы ҳәм оның әмел етиў мүддети.
12. Талапнама билдириў тәртиби.
13. Шәртнама шәртлерин орынламағанлық ушын жуўапкершилик.
14. Хожалық шәртнамасын ҳуқықый экспертизадан өткериў тәртиби.
15. Контрактация шәртнамасы түсиниги.
16. Талапнама билдириўди көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддетлери.
17. Көшпес мүлкти сатыў шәртнамасы ҳәм оның формасы.
18. Кәрхананы сатыў шәртнамасы түсиниги.
19. Мүлк ижарасы шәртнамасы ҳәм оның объектлери түсиниги.
20. Бина яки имаратты ижараға бериў шәртнамасы түсиниги.
21. Кәрхананы ижараға бериў шәртнамасы түсиниги.
22. Лизинг шәртнамасы, оның объекти ҳәм субъектлери.
23. Қурылыс пудраты шәртнамасы не?
24. Кредит шәртнамасы ҳәм оның формалары.
25. Банк есап бети шәртнамасы түсиниги, есап бети бойынша операциялар өз ўақтында әмелге асырылмағанлығы ҳәм пул қаржылары тийкарсыз көширилгенлиги ушын банктиң жуўапкершилиги.
26. Алды-сатты шәртнамасының субъектлери кимлер?
27. Саўға шәртнамасына тәрийп бериң.
28. Алмаслаў шәртнамасы не?
29. Рента шәртнамасы субъектлери кимлер?
30. Мәмлекетлик басқарыў уйымларының шәртнамалық-ҳуқықый қатнасықлар тараўындағы ўәкилликлери.
V. Суд жумысларын жүритиў тийкарлары бойынша
1. Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары. 2. Судларға тийислилик түсинигин кеңнен ашып бериң.
3. Ҳәкимшилик судлаўға тийисли жумыслар.
4. Пуқаралық судлаўға тийисли жумыслар.
5. Қорғаў ҳуқықын тәмийинлеў тийкарлары. (Айыпсызлық презумпциясы түсиниги). 6. Пуқаралық процессуал ҳәрекет уқыплылығы түсиниги.
7. Пуқаралық жумысларын көриўде даўаның баҳасы нелерге тийкарланып белгиленеди? 8. Қандай жағдайлар бойынша шахс пуқаралық даўагер деп айтылады?
9. Пуқаралық даўагердиң ҳәм де пуқаралық жуўапкердиң ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары нелерден ибарат?
10. Өзбекстан Республикасы Олий суды қурамы.
11. Қайсы жағдайларда пуқаралық суды ис жүритиўи тоқтатып турыўы шәрт? 12. Пуқаралық процессинде арзаны көрместен қалдырыў тийкарлары.
13. Пуқаралық ислери бойынша судта ис жүритиўди тамамлаў тийкарлары ҳәм тәртиби. 14. Қайсы жағдайларда пуқаралық ислери бойынша суд арзаны қабыл етпейди?
15. Пуқаралық ислери бойынша судтың шешиўши қарарының мазмуны.
16. Қандай ислери экономикалық судларға тийисли?
17. Экономикалық суд тәрепинен көрилетуғын даўлар.
18. Экономикалық судқа берилетуғын даўа арзасының формасы ҳәм мазмуны. 19. Экономикалық суд даўа арзасын қайсы жағдайларда қабыл етпейди?
20. Экономикалық суд апелляция инстанциясының ўәкилликлери ҳәм де оның қарарларының нызамлы күшке кириўи.
21. Экономикалық судқа кассация шағымын (протестин) бериў тәртиби
ҳәм оның мазмуны.
22. Судъялыққа талабанлығына қойылатуғын талаплар.
23. Судъяларды сайлаў ҳәм тайынлаў тәртиби.
24. Судъялар қол қатылмаслығы қандай тәмийинленеди.
25. Төрешилик судлары қандай жумысларды көреди?
26. Кимлер төрешилик суды судъясы болыўы мүмкин?
27. Судтың шешиўши қарарын қабыл етиў процесслери ҳақкында айтып бериң.
28. Суд тәрепинен көрип шығылатуғын, юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы ислер дегенде нелерди түсинесиз?
29. Шет ел пуқаралары ҳәм шөлкемлериниң қандай пуқаралық процессуал ҳуқықлары бар? 30. “Habeas Corpus” институты ҳаққында нелерди билесиз?
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
бөлим баслығы П.Кожаметов