Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


«Транспорт тараўында кадрлар таярлаў системасын түп тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-4703-сан,04.05.2020 ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, төмендегилер негизинде Ташкент мәмлекетлик траснпорт университети (Университет) шөлкемлестирилди:

• Ташкент темир жол инжерлиги институты;

• Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурылыс ҳәм эксплуатациясы институты;

• Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң авиакосмик технологиялары факультети.

Университет транспорт тараўы ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў бойынша тийкарғы жоқары билимлендириў мәкемеси есапланады.

Университет кеңселик жақтан Транспорт министрлигине бойсынады.
Қарары менен Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм искерлиги бағдарлары белгиленди.

Транспорт тараўы ықтыяжларынан келип шығып кадрларды, сондай-ақ ғалабалық кәсип қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў Университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири.

Университетда оқыў процесси 2020/2021 оқыў дылынан басланады. Студентлерди қабыл етиў саны ҳәр жылы тастыйықланатуғын республика ЖООларына оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйырпасы параметрлеринен келип шыққан ҳалда анықланады.
Университетти статегиялық раўажландырыў мәселелери бойынша ректордың биринши орынбасары лаўазымына маман сырт ел қәнигеси тайынланады.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими