Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни


Ел тынышлығы, халық абаданлығын тәмийинлеў әзелден ата-бабамыздың тийкарғы мақсетлеринен бири саналған.
Себеби, тынышлық ҳүким сүрген жерде ғана қут-берекет, кеўиллерде қәтержемлик ҳәм исте раўажланыў болады.
1941-1945-жыллардағы Екинши жәҳән урыста Өзбекстан халқы да урыс майданы ҳәм фронт артында үлкен пидайылық, мәртлик көрсетип, фашизм үстинен ерисилген жеңиске мүнәсип үлес қосты.
Урыс, онда қатнасқан инсанлар тағдири ҳаққында еситкенимизде, оқығанымызда бүгинги пәраўан турмыста жасап атырғанымызға, атқан ҳәр бир таңымызды жақынларымыз бенен бирге қарсы алып атырғанымызға мың рет шүкирлик етемиз.
Урыс – аяўсыз, рейимсиз нәрсе. Фашизм үстинен жеңиске ерисилди. Деген менен, урыста қатнасқан 1,5 миллионнан артық Өзбекстанлылардың ярым миллионнан артығы қайтыс болды, 133 мыңға жақыны бийдәрек жойытылды, 60 мыңнан артығы майып болып қайтты. Бул кимниңдур жанынан артық көрген перзенти, кимниңдур өмирлик жолдасы, ағасы-иниси еди.
Урыс майданы ишинде қалған аймақлардан мәмлекетимизге бир миллионнан артық адамлар көширип әкелинди, оларға баспана берилди. Ең ашынарлысы, көширип келингенлердиң 200 мыңы балалар еди.
Адамгершилик, шаңарақлық қәдириятлардың үстинлиги, перзентке болған мухаббат халқымызға тән пазыйлет болып келген. Урыс жылларыда өзбек шаңарақлары ата-анасынан айырылған балаларды өз тәрбиясына алды.
Урыста қайтыс болған ўатанласларымызды яд етиў, олардың естелигин мәңгилестириў, аяўсыз урыстан аман қайтқан аталарымызға ғамхорлық етиў, меҳир көрсетиў бағдарында елимизде үлкен ислер әмелге асырылып келинбекте.
1999-жыл 2-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2243-санлы Пәрманы менен 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни етип белгиленди.
Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин улыўмахалықлық байрам сыпатында кең белгилениўин тәмийинлеў барлық мәмлекетлик, мәмлекетлик емес
ҳәм коммерциялық емес шөлкемлердиң, мәкеме ҳәм кәрханалардың биринши гезектеги ўазыйпасы, барлық Өзбекстан пуқараларының ар-намыс, ҳүждән иси ҳәм үрп-әдеплилик миннети деп белгиленди.  
Фашизм үстинен ерисилген жеңиске мүнәсип үлес қосқан нуранийерди умытпаў, оларға ҳүрмет көрсетиў шәрт екенлиги, оларға материаллық жәрдем көрсетилиўи атап өтилди.
Президентимиз тәрепинен усы жылдың 30-март күни “Екинши жер жүзлик урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында”ғы 5977-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде, оларға 10 миллион сўм муғдарында бир жола төленетуғын пул сыйлығын салтанатлы түрде тапсырыў белгиленди.
Екинши жер жүзлик урыстың ақыбетлерин умытпаў, бүгинги тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, ана ўатанымыз алдында перзентлик ўазыйпамызды ҳүждан менен атқарыў, оның ҳәр бир қарыс жерин
асырап-абайлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болыўы лазым.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими