Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Басқа жумысқа өткериўге хызметкердиң разылығы талап етиледима?


Басқа жумысқа өткериўге хызметкердиң разылығы талап етиледима?
Басқа турақлы жумысқа өткериўге (хызметкердиң мийнет ўазыйпаларын өзгертиўге) – оған басқа қәнигелик, маманлық, лаўазымға байланыслы жумысты тапсырыўға тек ғана оның разылығы менен жол қойылыўы мүмкин.
Егер объектив себеплерге көре (https://lex.uz/docs/142859) мийнет шәртнамасында белгилеп қойылған мийнет ўазыйпасы шеңберинде жумысты даўам еттириў мүмкин болмаса, жумыс бериўши хызметкерге қәнигелиги ҳәм маманлығына муўапық келетуғын жумысты, бундай жумыс болмаған жағдайда болса кәрханада бар болған басқа жумысты усыныс етиўи шәрт.
Хызметкер орынлап атырған жумысына ямаса ийеллеп турған лаўазымына муўапық болмаған болса, қәнигелиги бойынша бир қанша кем маманлық талап етилетуғын жумыс усынылыўы мүмкин.
Мийнет шәртнамасында шәртлесип алынбаған жумыс орынын өзгертиў мийнет шәртлерин өзгертиў деп есапланбайды ҳәм бул ҳаққында хызметкер менен келисиў талап етилмейди.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими