Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Сырт ел пуқарасы Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеўине болама?


Өзбекстан Республикасы аймағында Сырт ел пуқаралары жумыс бериўши тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигинен алынатуғын руқсатнама тийкарында оның атына берилген мийнет искерлиги ҳуқықы тастыйықнамасы болғанда ғана ислеўине болады.
Тастыйықнама сырт ел пуқарасына бир жыл мүддетге бериледи.
Жумыс бериўши мийнет искерлигине руқсатнама бергенлик (узайтқанлық) ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (2 230 000 сум) муғдарында төлем өндириледи.
Егер сырт ел қәнигелери руқсатнамасыз жумысқа қабыл етилсе Ишки ислер министрлиги органлары тәрепинен, ис бериўшиниң қәрежетлери есабынан Өзбекстаннан шығарып жибериледи.      

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкмлери бөлими баслығы Абилкасим Отеулиев жуўап берди