Янгиликлар
30
Сораған едиңиз
Егер мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми өз искерлигин әмелге асырыў тәртибин бузған болса қандай жуўапкершилик мәселеси көриледи?
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң (кейинги орынларда Шөлкем деп аталады) искерликти әмелге асырыў тәртибин бузғанлығы ушын жуўапкершилик мәселеси Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 239-статьясында белгиленген болып оған көре:
Шөлкемлери (диний шөлкемлер буған кирмейди), сондай-ақ, олардың ўәкилханалары ҳәм филиалларының мәмлекетлик дизимнен өтпестен (есапқа алынбастан) искерликти әмелге асырыўы – базалық есаплаў муғдарының (кейинги орынларда БЕМ деп жүргизиледи) он бес есесинен отыз есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады;
Бас шөлкеми Өзбекстан Республикасынан тысқарыда жайласқан халықара шөлкемлериниң ҳәмде шет ел шөлкемлериниң ўәкилханалары ҳәм филиаллары ҳәмде олар хызметкерлериниң қандайда бир сиясий искерликте ҳәмде ўәкилхананың яки филиалдың уставтағы мақсет ҳәм ўазыйпаларына жуўап бермейтуғын басқа искерликте қатнасыўы, олардың сиясий партиялар ҳәм ғалабалық ҳәрекетлер тәрепинен өткерилетуғын әмелий ҳәрекетлер ҳәмде илажларды қаржыландырыўы, сондай-ақ,бундай шөлкемлерди дүзиў басламасы менен шығыўы ҳәм сондай шөлкемлерди дүзиўди қоллап-қуўатлаўы – пуқараларға БЕМның он бес есесинен отыз есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – отыз есесинен елиў есесине шекем муғдарда жарийма салыўға ямаса он бес суткаға шекем мүддетге ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады;
Шөлкемлериниң белгиленген тәртипте дизимнен өткерилмеген символық белгилерди ислетиўи –лаўазымлы шахсларға БЕМның он бес есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады;
Шөлкемлери (сиясий партиялар буған кирмейди), олардың ўәкилханалары ҳәм филиаллары дизимнен өткериўши органның разылығысыз илажлар өткериўи, тап сондай, шөлкемлери өткерип атырған илажларға дизимнен өткериўши орган ўәкилиниң еркин кириўин бийкар етиў – лаўазымлы шахсларға БЕМның отыз есесинен елиў есесине шекем муғдарда жарийма салыўға себеп болады;
Шөлкемлериниң шет мәмлекетлерден, халықара ҳәм шет ел шөлкемлеринен, шет мәмлекетлер пуқараларынан ямаса олардың тапсырмасы менен басқа шахслардан дизимнен өткериўши органнның разылығысыз пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыўы – лаўазымлы шахсларға БЕМның он бес есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады;
Шөлкемлериниң өз искерлиги ҳаққындағы есабатларды дизимнен өткериўши органға усынбаўы, өз ўақтында усынбаўы яки белгиленбеген формада усыныўы, өз искерлиги ҳаққында биле тура надурыс мағлыўматлар усыныўы, тап сондай шөлкемлериниң мәлимлемени, соның ишинде олар тәрепинен мал-мүлк ҳәм пул қәрежетлеринен пайдаланыўы ҳаққындағы тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди усынбаўы – лаўазымлы шахсларға БЕМның он бес есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бөлими баслығы
Абилкасим Отеулиев жуӯап берди