Янгиликлар
30
Пуқараның мүрәжаты қанаатланды
Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрель күнги
ПҚ-3666-сан Қарары менен тастыйықланған “Ɵзбекстан Республикасы Əдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режеге тийкар, əдиллик уйымлары пуқаралардың ҳуқық ҳəм еркинликлери мəмлекетлик уйымлары ҳəм шɵлкемлери тəрепинен бузылыўы ҳаққындағы мүрəжатларды бийтəреп ҳəм ҳəр тəреплеме кɵрип шығылыўын тəминлейди, оларға қарата нызам ҳүжжетлерине муўапық шаралар кɵреди.
Усы тийкарда, пуқаралардың ɵзин ɵзи басқарыў уйымлары тəрепинен
14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, балалы еки жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақа ҳəм кем тəмийинленген шаңарақларға материаллық жəрдем пулларынан мəмлекетлик салық уйымлары тəрепинен жер ҳəм мал-мүлк салығы тɵлеми ушын услап қалынғанынан наразы болып министрликке жоллаған мүрəжатлары үйренип шығылды.
Мүрəжатларды үйрениў даўамында министрлик тəрепинен алып барылған илəжлар нəтийжесинде, усы мəселеде келип түскен мүрəжатлар толығы менен қанаатландырылды.
Атап айтқанда, Нɵкис қаласында жасаўшы пуқара П.Аның келини А.Еға бала күтими напақасынан мал-мүлк ҳəм жер салығы ушын услап қалынғанынан наразы болып министрликке жоллаған мүрəжатын үйренип шығыў даўамында алып барылған илəжлар нəтийжесинде, усы жылдың апрель айында Нɵкис қалалық салық инспекциясы тəрепинен мал-мүлк ҳəм жер салығы ушын услап қалынған пул қаржылары келиниңиз А.Еның пластик картасына қайтарылып, мүрəжаты толығы менен қанаатландырылды.
Себеби, Ɵзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 8-статьясында ҳеш кимге салықлар ҳəм жыйымларды бəрше белгилерине ийе болған, бирақ усы Кодексте нəзерде тутылмаған ямаса оның талаплары бузылған ҳалда белгиленген салықлар ҳəм жыйымларды тɵлеў миннетлемеси жүклетилиўи мүмкин емеслиги белгиленген болыўына қарамастан, Қараɵзек районы мəмлекетлик салық инспекциясы лаўазымлы шахслары тəрепинен Қараɵзек районы, “Қутлы мəкəн” аўыл пуқаралар жыйынына, напақа алыўшылардың напақа пулларынан
50 пайыздан жер ҳəм мал-мүлк салығы ушын услап қалыў ҳаққында таспсырма берилген.
Сондай-ақ, кодекстиң 70-статьясына муўапық, салық салыў объекти
мал-мүлк, ҳəрекет, ҳəрекет нəтийжеси яки қуны, муғдар яки пайыз айырмашылыққа ийе болған басқа жағдай болып, ол бар болғанда салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери салық тɵлеўшиде салық миннетлемесин жүзеге келтиреди.
Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў бɵлими баслығы Е.Утепов