Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Өзиӊизди ҳәмде жақынларыӊызды абайлаӊ!


Мәмлекетимизге жаӊа түрдеги жуқпалы кеселликтиӊ кирип келиўи, бәрше ўатанласларымызды тәшўишге салды. Айрым ўатанласларымыз арасында дәслеп, ҳаўлықпада қорқыўға түскенлерде болды. Бирақ айырым жерлеслеримиз ўақыя-ҳәдийселерди басықлық пенен қабыл қылып, өз турмыс тәрзин даўам еттирип келмекте.
Ҳәзирде барлық социаллық тармақлар, сайтлар ҳәм улыўма алғанда барлық ҒҲҚларда еӊ көп қолланылып атырған сөз бүл– Коронавирус. Дүнья ҳүкимранлығы ушын интилип атырған Қытай мәмлекетинде пайда болған вирус ҳәзирге келип 217 мыӊнан артық инсанды бүл дүньядан алып кетти. Дурыс, бүл одан алдын тарқалған вируслардан жайылыўы, географиясы ҳәм өлим жағдайы тәрепинен алға илгерлеп кетди. Бирақ, бир нәрсени умытпаўымыз керек, бахытсыз ҳәдийселерден ҳәр жылы жүз мыӊлап адамлар қайтыс болады. Вирусқа шалынып өлиўден көре, жолда автотранспорт ҳәдийсеси себепли өлиў пайызы жоқарырақ.
Вирус тийкарынан адамлар көп орынларда адамнан адамға жуғыўы аӊсат кешеди. Соныӊ ушын ҳәм биринши гезекте екинши инсанға жуғыўыныӊ алдын алыў арқалы оны жеӊиў мүмкинлиги айдынласты.
Кеселликтиӊ алдын алыў қағыйдалары
- Тири ҳайўанлар менен саўда қылынып атырған базарларға барыўшылар, ҳайўанлар ямаса оныӊ өнимлери менен саўда қылыўшы шахслар үзликсиз рәўиште улыўма гигиена қағыйдаларына қатаӊ әмел етиўи талап қылынады, әсиресе, ҳәр бир ҳәрекеттен соӊ, қолды сабынлап жуўыў усынылады, жуўмасдан қол менен бет, аўыз ҳәм мурынды услаў қадаған етиледи.
- Белгисиз ҳәм кеселленген ҳайўанлар, сондай-ақ олардыӊ шийки затларына жоламаӯ талап етиледи.
- Базарлар, дүкәнлар орынларында ҳәмде ашық майданларда топрақлардыӊ ҳайўан шығындылары менен патасланған орынларына жақынламаӯ талап етиледи.
- Писирилмеген ҳәм шала писирилген гөш ҳәм гөш өнимлерин жеў қадаған етиледи.
- Улыўма шийки гөш, сут ҳәм ҳайўан ишки ағзалары менен ислеўшилер  сақ болыў шараларын көриўи шәрт.
-Жоқарыдағы қағыйдаға әсиресе, базарлар ҳәм малларды сойыў пунктларында ислеўшилер ҳәмде ветеринария хызметкерлери қатаӊ әмел етиўи шәрт.
- Ислеўши хызметкерлер жумыс барысында қорғаныў кийимлери, нықап ҳәм қолғап пенен ислеўи талап етиледи. Ислетилген қорғаныў кийимлерин ҳәр күни зыянсызлантырыў талап етиледи ҳәм үйдегилер усы нәрселерден узақрақ болыўы шәрт.
- Аўқатланыўдан алдын ҳәм көшеден келгенде қолларды сабынлап жуўыў зәрүр.
- Тири ҳайўанларды сатыўда, гөш ҳәм гөш өнимлери менен саўда қылыўшы орынларда, ығаллығы жоқары болған саўда орынларында үзликсиз рәўиште дезинфекция жумыслары алып барылыўы талап етиледи.
- Жоқары дем алыў жоллары өткир кеселликлерге шалынған наўқаслар менен катнасықта болғанда кеселлик жүғыўыныӊ алдын алыў мақсетинде медициналық нықаптан пайдаланыў шәрт.
Коронавирус инфекциясы бар болған мәмлекетлерден келген шахслар:
- 14 күн ишинде кеселликтиӊ белгилери ушраса, дәҳал шыпакерди үйине шақырыўы;
- кеселликти басқа шаӊарақ ағзаларына жүқтырып алмаӯ ушын қатнасықты шегаралаў, бөлек ыдыс-табақтан пайдаланыўы (пайдаланылған ыдыс-табақларды сабынлы, қайнаған суўда жуўыў);
- наўқасты қарап атырған туўысқанлары медициналық нықаптан пайдаланыў ҳәм наўқас пенен ҳәр қатнасықтан кейин қолларды сабынлап жуўыў;
- кеселлик тәўир болғанға шекем мүтәжлик болмаса сыртқа шығыўды шегаралаў арқалы Коронавирус инфекциясынан сақланыў мүмкин..
Еӊ тийкарғысы, карантин ўақтында зәрүр болмаған ўақытта үйден шықпаған мақул!

Нөкис қаласы әдиллик бөлими аға мәсләҳәтшиси З.Базарбаева