Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Барлық аймақларда санлы билимлерге оқытыў орайлары ашылады
«Санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти кең енгизиў ис-илажлары ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-4699, 28.04.2020 ж.) қабыл етилди.

Қарар менен санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти жәнеде раўажландырыўдың қосымша ўазыйпалары белгиленди.
Оған көре, 2023-жылға келип санлы экономиканың мәмлекет жалпы ишки өниминдеги үлеси 2 есесине көбейтириледи.
2020-2021-жылларда барлық ден саўлықты сақлаў мәкемелери, мектеплер ҳәм бақшаларды, сондай-ақ аўыллар ҳәм мәҳәллелерди жоқары тезликтеги Интернет тармағына жалғаныўды нәзерде тутқан ҳалда мәмлекеттиң санлы инфраструктурасын толық модернизация етиў ҳәм заманагөй телекоммуникация хызметлеринен барлық аймақларда пайдаланыў имкәнияты тәмийинленеди.
2022-жылға шекем электрон мәмлекетлик хызметлери үлесин 60 процентке шекем жеткериўди нәзерде тутқан ҳалда электрон ҳүкимет системасы раўажландырылады.
«Санлы исбилерменлик» раўажландырылады, 2023-жылға келип усы тараўдағы хызметлер көлеми 3 есесине асырылады ҳәм олардың экспорты 100 миллион долларға жеткериледи.
«Бес баслама» жойбарын әмелге асырыў шеңберинде 2022-жылға шекем республиканың барлық аймақларында санлы билимлерге оқытыў орайлары ашылады.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағарыўтышылық бөлими А.Отарбаев