Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Жаӊа Салық кодексиниӊ қабыл етилиў мүнәсебети менен нызамларға ѳзгерислер киргизилди


2020-жыл 7-январь күни «Ѳзбекистан Республикасыныӊ Салық кодексиниӊ қабыл етилиў мүнәсебети менен Ѳзбекистан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине ѳзгерислер ҳәм қосымша киргизиў, сондай-ақ айырым нызам ҳүжжетлерин ѳз күшин жоғалтқан деп табыў ҳаққында»ғы 601-санлы Ѳзбекистан Республикасы Нызамына қол қойылды.
Жаӊа редакциядағы Салық кодекси тѳмендегилерди нәзерде тутады:
Кодекстен белгили болған тѳлемлер ҳәм жыйымларды шығарып таслаў ҳәм оларды ѳз алдына нызамларға ѳткизиў (мәмлекетлик бажы, бонуслар, жыйымлар);
Айырым салықлардыӊ (социаллық салық, айланмадан алынатуғын салық) аты ҳәм дүзилмесин ѳзгерттириў;
Айырым салық тѳлеўшилер (аўыл-хожалығы кәрханалары, шаӊарақлық кәрханалар) ушын салық жеӊилликлерин бийкар етиў.
Соннан келип шығып бир қатар нызамларға тийисли ѳзгерислер киргизилди:
1.жаӊа редакциядағы Салық кодексинде жер астынан пайдаланыўшылар ушын бонуслар сыяқлы тѳлемлер жоқ. Бонуслар «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы Нызамға ѳткизилди (2018-XII-санлы Нызам). Бонусларға салық салыў тәртиби сақлап қалынған жағдайда (қол таӊбалы бонус та, коммерциялық табылмасы бонусы да)  қол таӊбалы бонустыӊ еӊ кем муғдарыныӊ муғдарлары ѳзгерди. Енди пайдалы қазылмаларды излеў ҳәм разведка етиў ҳуқықы ушын олар:
Углеводородлар – 5 000 БЕМ (Базалық есаплаў муғдары);
Алтын – 1 000 БЕМ;
Қымбат баҳалы (алтыннан тысқары), сийрек ҳәм қымбат баҳалы металлар – 500 БЕМ;
Рудалы пайдалы қазылмалар (буннан алтын, қымбат баҳа, сийрек ҳәм қымбат баҳалы металлар кәнлерин излеў ҳәм разведка етиў ҳуқықы буннан басқа) – 250 БЕМ;
Руда емес пайдалы қазылмалар – 50 БЕМды қурайды.
2.жаӊа редакциядағы Салық кодексиндеги егислик атызларыныӊ майданына байланыслы жағдайда айланбадан алынатуғын салық яки улыўма белгиленген тәртипте салықлар тѳлеўи кереклиги нәзерде тутылған. Соныӊ менен бирге улыўма белгиленген тәртипте салықлар (ҚҚС ҳәм басқалар) тѳлеўши кәрханалар ушын пайда салығы бойынша ноль дәрежели ставка белгиленеди. Усы мүнәсебет пенен “Фермер хожалығы ҳаққында”ғы 602-I-санлы Нызамына ѳзгерислер киргизилди;  
3.әмелдеги “Шаӊарақлық исбилерменлик ҳаққында”ғы 327-санлы Нызамына муўапық шаӊарақлық кәрханалар ЖСТ (Жеке Салық Тѳлеми) тѳлейди. Бунда үй шараятында ислеп шығарылған халық кѳркем ѳнерментшилиги ҳәм әмелий кѳркем-ѳнер буйымларын реализация етиўден алынған түсим бойынша да олар ЖСТ тѳлеўден азат етиледи. Жаӊа редакциядағы СКне муўапық “Шаӊарақлық исбилерменлик ҳаққында”ғы Нызамына шаӊарақлық кәрханалар барлық басқа кәрханалар сыяқлы түсим кѳлемине байланыслы жағдайда: айланбадан алынатуғын салық яки улыўма белгиленген тәртипте салықлар салықлар тѳлениўи нәзерде тутыўшы ѳзгерислер киргизилди;
4. “Исбилерменлик хызмети еркинлигиниӊ кепилликлери ҳаққында”ғы 69-II-санлы Нызамына исбилерменлик хызметин қоллап-қуўатлаў саласында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары ўәкилликлери бѳлиминде ѳзгерислер киргизилди. Атап айтқанда, кодекстиӊ жаӊа редакциясына муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларыныӊ жергиликли салықлар бойынша жеӊиллик белгилеў ҳуқықы бийкар етиледи.
Жаӊа редакциядағы Салық кодексиниӊ қабыл етилиў мүнәсебети менен басқа нызамларға да (313, 379, 417, 436, 454, 456, 476, 497, 508-санлы Ѳзбекистан Республикасы Нызамларына) ѳзгерислер киргизилди.

Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров