Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Жаӊа редакциядағы Салық кодексиниӊ алдынғысынан айырмашылықлары


Усы жылдыӊ 1 январынан баслап күшке кирген жаӊа редакциядағы Салық кодексинде кѳплеп ѳзгерислер ҳәм жаӊалықлар ѳз кѳринисин тапқан. Олардан бири бир қатар арнаўлы салық режимлери бийкар етилгенинен болып есапланады. Яғный, исбилерменлик субъектлери ушын жеке социаллық тѳлем салық, жеке салық тѳлеми орнына айланмадан салық, белгиленген салық орнына физикалық шахслардыӊ дәраматларына, оларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте илгери берилген жеӊиллик ҳәм салықты есаплаў характеристикасы сақлап қалынған жағдайда, белгиленген салық енгизилди.
Соныӊ менен биргеликте, ендигиден былай исбилерменлер ушын қолайлы имканиятларды жаратыў мәқсетинде пуллы ямаса пулсыз тийкарда Министрлер Кеӊеси яки ўәкиллик берген орган (комиссиялар) қатнасыўысыз салықларды тѳлеўди кешиктириў ямаса бѳлип-бѳлип тѳлеў имканиятын бериўдиӊ жаӊа анық механизминен пайдаланылады.
Жаӊа редакциядағы Салық кодексине кѳре, қосылған қун салығы, акциз салығы, пайда салығы, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы ҳәм жер астынан пайдалағанлығы ушын салықлар бойынша – Мәмлекетлик салық комитети, суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық, мал-мүлк салығы, жер салығы ҳәм айланбадан алынатуғын салықлар бойынша – Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары, салықларды тѳлеў мүддетлерин ѳзгерттириў яки бѳлип-бѳлип тѳлеў ҳаққындағы қарарлар қабыл етиў бойынша ўәкилликли орган болып табылады. Бундай салықларға тѳлеўди кешиктириў ямаса бѳлип-бѳлип тѳлеў имканияты еки жылға шекем мүддетке берилиўи мүмкин.
Буннан тысқары,  салықларды тѳлеўди кешиктириў яки бѳлип-бѳлип тѳлеў исбилерменлик субъектлерине тәбийғый апат, технологиялық апат яки басқа сапластырып болмайтуғын жағдайлар нәтийжесинде зыян жеткизилгенде ҳәмде бюджеттен (мәмлекетлик мәқсетли қорларынан) қаржыландырыў кешиктирилгени яки мәмлекетлик талаплары ямаса жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларыныӊ талаплары ушын орынланған ислер ҳәм кѳрсетилген хызметлер ҳақысын тѳлеўге кешиктирилген болса, қарыз суммасына процентлер есапланбайды.
Егер исбилерменлик субъектлери салықты бир жола тѳлеўи ақыбетинде оныӊ нашарлық (банкротлығы) белгилери пайда болыўы қәўпи жүзеге келген, мүлкий жағдайы салықты бир жола тѳлеў имканиятын бийкар етиўи, товарлар яки хызметлерди ислеп шығарыў ҳәм реализация етиў мәўсимли характерге ийе екени ҳәмде Ѳзбекистан Республикасыныӊ бажыхана шегерасы арқалы товарлар алып ѳтилиўи мүнәсебети менен бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген салықларды тѳлеўди кешиктириў яки бѳлип-бѳлип тѳлеў имканиятын бериў тийкарларына кѳре берилген болса, оларға Орайлық банктыӊ әмелдеги қайта қаржыландырыў ставкасына теӊ ставкадан келип шыққан жағдайда, қарыз суммасына процентлер есапланады.
Әўелги салық кодексинде инсаплы салық тѳлеўшилерге салық дем-алыслары, сондай-ақ салық қарызын тѳлеўди кешиктириў яки бѳлип-бѳлип тѳлеў Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте ҳүкимет яки ол ўәкиллик берген орган тәрепинен берилген еди. Бул салықларды тѳлеўди кешиктириў ҳуқықын алыўда салық тѳлеўшилерге әўерегершилик ҳәм қолайсызлықларды келтирип шығаратуғын, артықша қағазбазлық талап етилетуғын еди. Сол себепли кейинги үш жыл ишинде салықларды кешиктириў ҳуқықынан ҳеш бир исбилерменлик субъекти пайдаланмаған. Ендиги жағында бул мәселедеги машқалаларға шешим табылды.
Салық кодексиндеги және бир қатар жаӊа нормалар экономикамыздыӊ турақлы раўажланыўына, халықтыӊ реал дәраматларыныӊ асыўына, салық ҳәкимшилигиниӊ жәнеде жақсыланыўына хызмет етеди.

Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров