Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Шаӊарақлық уйғарыўлар ҳаққында


Шаӊарақты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў оларды ҳәр тәреплеме жәмийеттиӊ тийкарғы буўыны сыпатында тәмийнлеў ҳәр бир мәмлекеттиӊ ҳәр дайым дыққатында болатуғын тийкарғы жѳнелислеринен бири болып есапланады.
Егерде, халық белгили бир шаӊарақлардан қуралар екен, оныӊ турақлылығы шаӊарақлардыӊ тыныш-татыўлығы елдиӊ раўажы ҳәм келешегин белгилеўши тийкарғы фактор болып табылады. Ҳәзирги ўақытта Ѳзбекистанда шаӊарақлар турақлылығын тәмийнлеў, ерли-зайыплылар ортасындағы ажырасыўлар санын кемейттириў, шаӊарақты сақлап қалыў имканиятын беретуғын кѳплеп шѳлкемлестириў-ҳуқықый, социаллық-сиясий шаралар белгиленген ҳәм бул мәселедеги ҳуқықый тийкарлар жаратылған.
Соған қарамасдан, ерли-зайыплылар ортасындағы ажырасыўлар саны олардыӊ ѳсип барыў динамикасын кѳрсетеди. Бул жағдай, әсиресе, ири қалаларда жоқары екенлиги кѳзге тасланады. Кѳп жағдайларда жоқшылықтан, тоқшылықтан ажырасыўлар жүз бермекте. Ҳүрмет, кеширимлилик ҳәм ѳз-ара түсиниўшиликтиӊ жоқлығы; перзент тәрбиясына, оныӊ ер жетиў жолында ата-аналардыӊ тәрбия ғамындағы жеке үлгиниӊ кескин пәсейиўи ямаса мойнындағы “неке” деп аталатуғын кәраматлы, иләҳий жиби ҳәм “шаӊарақ” деп аталатуғын қорғанныӊ жоқары жуўапкершилигин сезбеўи; ата-аналардыӊ жаслардыӊ шаӊарақлық жеке жумысларына ҳәдден зыят араласыўы сыяқлы жағдайлар күнниӊ темасын жәнеде жеделлистирип атырыпты.
Сол себептен, ерли-зайыплы ортасындағы ажырасыўлар санын кемейттириў, шаӊарақлардыӊ бир пүтинлиги ҳәм турақлылығын сақлап қалыў туўрысындағы шѳлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин күшейттириў, бул мәселеде әмелге асырылатуғын реформаларды күшейттириў заман талабы болып есапланады. Бүгинги күнде шаӊарақларды материаллық-руўҳый жақтан қоллап-қуўатлаў, жас шаӊарақларға кѳмеклесиў мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес жолы менен әмелге асырылмақта. Айырым мәмлекетлик органлары шаӊарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў, оларға мәмлекет тәрепинен материаллық жәрдем бериўди тәмийнлеў менен шуғылланса (мәселен социаллық тәмийнлеў мекемелери) басқалары ерли-зайыплыныӊ ҳуқық ҳәм миннетлемелерин әмелге асырыўға кѳмеклесиў (ПХАЖ), бала ҳуқықларын тәмийнлеў (қәўендерлик ҳәм әменгерлик (тәрбиялаўшы) органлары, халық билимлендириў дүзилмелери) хызметин әмелге асырады. Шаӊарақларды қоллап-қуўатлаўда, шаӊарақлық жәнжеллерди шешиўге кѳмеклесиўде пуқаралардыӊ ѳзин-ѳзи басқарыў органлары – мәҳәллелердиӊ роли үлкен. Соған қарамасдан, усы система бүгинги күнде толық ѳзин ҳақлай алмай атыр, деп болмайды. Тән алыў керек, мәмлекет (оныӊ органлары тымсалында, ПХАЖ) ҳәм шаӊарақлардыӊ ѳз-ара байланыслылығы да ҳәзирги ўақытта жетерли дәрежеде емес (усындай унамсыз факторлардыӊ биринен, ПХАЖ органларын жергиликли ҳәкимият органларындан Ѳзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигине ѳткизилмекте).
Шаӊарақлар, ерли-зайыплылар ямаса шаӊарақтыӊ басқа ағзалары ѳз машқалалаларын жасырыў, оларды әшкара етпеўге ҳәрекет етеди ямаса мәмлекет органларына исеним жоқлығы себепли оларға мүрәжет етиўде тыйылады. Буныӊ нәтийжесинде киши машқалаларды үлкейип кетиўине ҳәм ақыбетте, шаӊарақлық қарсылықлар ҳәм жәнжеллердиӊ пайда болыўына ҳәмде жуўмағында – ерли-зайыплы ажырасыўға себеп болады.
Анализлер усы машқалалардыӊ шешимин табыў, оларды сапластырыў барысында тѳмендеги шѳлкемлестириўшилик-ҳуқықый шаралар, жѳнелислерди усыныс етиў мүмкин, - деген жуўмаққа алып келеди:
1.Шаӊарақлар турақлылығын тәмийнлеў системасы бүгинги күнде комплекс кѳриниске ийе болыўын есапқа алып, бул мәселеде жумыс жүргизетуғын органлар жумысын муўапықластырыў мәқсетге муўапық. Буныӊ ушын болса жергиликли мәмлекет ҳәкимликлери қасында шаӊарақ мәселелери менен шуғылланыўшы бѳлим шѳлкемлестириў ҳәм оныӊ жумысын суд, ишки ислер органлары, прокуратура, бюджеттен тысқары пенсия қоры, халық билимлендириўи ҳәмде пуқаралардыӊ ѳзин-ѳзи басқарыў органлары менен бирге ислесиў ҳәм усы дүзилмелердиӊ шаӊарақлық қатнасықлар саласында алып баратуғын ислерди муўапықластырыў кѳринисинде шѳлкемлестириў керек. Шаӊарақлық жәнжеллерди ѳз ўақтында, үшинши шахсларға әшкар етпестен, әмелдеги нызамшылық нормаларына муўапық шешиў жолында бунда пуқаралардыӊ ѳзин-ѳзи басқарыў органлары еӊ әҳмийетли ҳәм бирлемши дүзилме болып табылады. Сол себепли олардыӊ қасындағы жарастырыў комиссияларыныӊ баслықлары ҳәм район Әйел-қызлар комитетлериндеги шаӊарақ мәселелери бойынша қәнийгеден ибарат болған “Шаӊарақлық қарсылықлардыӊ алдын-алыў ҳәм жарастырыў кеӊеслери”н дүзиў де нәтийжели пайдасын бериўи мүмкин.
Усы кеӊес мудамы кѳриниске ийе болатуғын шаӊарақлық жәнжеллерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм шешиўдиӊ жоллары ҳәм мақул болған шараларын ислеп шығыў, жас шаӊарақлар ушын тийисли кенеслер ҳәм оғада әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша усынысларды таярлаў ўазыйпасын орынлайды. Олар тәрепинен ислеп шығылған усынысларды халық депутатлары жергиликли Кеӊеслеринде тастыйықлаў арқалы рәсмийлестириў ҳәм бул усынысларды кеӊ халық массасына жеткериў пайдалы болыўы мүмкин.
2.Ҳәзирги ўақытта шаӊарақлардыӊ турақлылығын тәмийнлеўде ҳуқық қорғаў органларыныӊ роли үлкен. Әсиресе, шаӊарақлардыӊ жағдайы ҳәм олардыӊ турмыс шараяты менен жақыннан таныс болған профилактика инспекторы ҳәм олардыӊ жәрдемшилериниӊ хызметин жәнеде жанландырыў лазым. Бунда инспекторлардыӊ шаӊарақлар ушын ѳрнек болыўы, олардыӊ абырай-итибары тек жәмәәт тәртибин сақлаў, ал шаӊарақлық қарсылықлар ҳәм жәнжеллердиӊ алдын-алыў ҳәмде шешиўде де ѳз алдына орын тутады. Сол себепли профилактика инспекторы лаўазымына белгили болған турмыслық тәжирийбеге ийе болған ҳәм адамлар менен ислеў, еӊ әҳмийетлиси, шаӊарақлық мәселелер бойынша билим ҳәм кѳникпеге ийе болған ишки ислер хызметкери хызмет алып барыўы лазым.
3.Ерли-зайыплы ортасындағы ажырасыўларға тийкарынан түрли келиспеўшиликлер, ерли-зайыплыныӊ бир-бирин түсинбеслиги ямаса басқа кѳплеп социаллық-экономикалық факторлар себеп болады. Тән алыў керек, шаӊарақты сақлап қалыў имканияты болған жағдайларда да нызамшылықтыӊ толық емеслиги, нәтийжеси жоқ методлар да ерли-зайыплыныӊ ажырасыўына себеп болады. Елимиз шаӊарақ нызамшылығы ерли-зайыплы ҳәм шаӊарақ ағзалары ортасындағы белгили бир түрдеги қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыўды нәзерде тутады. Бирақ Шаӊарақ кодекси Конституцияныӊ 63-статьясында белгиленгениндей, «шаӊарақ жәмийеттиӊ тийкарғы буўыны ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе» екенлиги кѳз-қарасынан емес, ал субъектлер кѳз-қарасынан социаллық қатнасықларды тәртипке салыўға хызмет етеди.  
4.Кѳп жағдайларда ажырасыўларға шахстыӊ шаӊарақлық қатнасықларынан келип шығатуғын ҳуқықларын қаслық етилиўине де себеп болады. Ерли-зайыплынын бир-бирине шаӊарақлық қатнасықлардан келип шығптуғын ҳуқықларына қаслық етиўге жол қойылмаслығына тийисли қағыйда болса әмелдеги кодексте ѳз кѳринисин таппаған. Бунда ерли-зайыплыныӊ, атап айтқанда басқа шаӊарақ ағзаларыныӊ шаӊарақ қатнасықларынан келип шығатуғын ҳуқық ҳәм миннетлемелерин әмелге асырыўда нызам ҳүжжетлерине әмел етиўи, биргеликте турмыс қурыў қағыйдаларын, әдеп-икрамлылық принциплерин ҳүрмет етиўи, ҳүждан сезиминен ҳәм ҳадал ҳәрекет етиўине тийисли норманы шаӊарақ кодексине киргизиў мәқсетке муўапық. Сондай-ақ, шаӊарақлық қатнасықлардан ҳуқықларға қаслық етиўге жол қойылмаслығы, қаслық етиў менен ҳәрекет етилген суд тәрепинен бундай ҳуқықлар қорғалмаўына тийисли қағыйда да белгилениўи мүмкин.
5.Ѳзбекистан Республикасыныӊ «Медиация ҳаққында»ғы ғы Нызамы шаӊарақлық қатнасықларға да енгизилиўи беккемленген болса да, Шаӊарақ кодексинде ерли-зайыплы ортасында жүзеге келген жәнжелди медиатор қуралында шешиў механизми жоқ. Ерли-зайыплы судқа некеден ажыратыў ҳаққында даўа арза меннен мүрәжет еткенде, суд егер тәреплерге жарасыў ушын мүддет берсе, бундай жағдайда ерли-зайыплыны медиаторқа мәжбүрий жибериўи зәрүр. Усы қағыйда Шаӊарақ кодексинде ѳз кѳринисин табыўы керек, ѳйткени медиатор мәҳәлле жанындағы жарасытырыў комиссиясынан парықлы рәўиште ерли-зайыплы ортасында жүзеге келген жағдайға қәнийгели ҳуқықый баҳа береди ҳәм олардын ортасындағы жәнжелди шешиўге әмелий жәрдем береди.
Глобализация, пән-техника ҳәм технологиялар тезлик пенен раўажланып баратырған бул ҳәзирги дәўирде нызамлы неке тийкарындағы шаӊарақты сақлап қалыў ҳәммемиздиӊ ҳәм ҳәр биримиздиӊ ўазыйпамыз болып есапланады. Дурыс, бул шаӊарақларда болатуғынлығы сыяқлы меники ямаса сеники сыяқлы қағазпазлық болатуғын әйтеўир турмыслық мәселе емес, бул жоқары мәнистеги жәмийет ҳәм мәмлекеттиӊ ертеӊи ушын, әўладлар даўамлылығы ушын айрықша әҳмийетли ҳәдийсе болып табылады. Бәрибир, Мәмлекетимиз ушын шаӊарақ кәраматлы болып қала береди.

Елликқала районы әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров