Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Сораған едиңиз


Сораў: Дизимге алынған некедеги өмирлик жолдасы қайтыс болған. Ҳаялы ҳәм ер жетпеген балалары-туўысқан қызы ҳәм ҳаялдың биринши турмысынан баласы қалған. Ҳәммеси жеке үйде прописка қылынған, мийрас рәсмийлестирилип атыр. Туўысқан болмаған ул бала мийрастың бир бөлегин алыўға ҳақлыма?
Жуўап: Мийраслықта тек перзентликке алынған балалар туўысқан қарындасларға теңлестириледи (Пуқаралық кодексиниң 1134-статьясы
2-бөлим). Сизиң жағдайда туўысқан болмаған ул бала перзентликке алынбаған болса, ол мийрасқор бола алмайды ва мийрас қалдырылған үй сатылғанда оның бир бөлимине талапкер болыўға ҳақлы емес.

Сораў: Кәрхана пул қаржылары жетерли болмағанлығы себепли картотекаға киритилген. Мүддети кешиктирилген қарзы болған контрагентлер бар. Кәрхана оларға қарата экономикалық судқа даўа киритпекши, бирақ дәслепки бажыны төлеўге имканы жоқ.
Кәрхана мәмлекетлик бажы төлеместен экономикалық судқа даўа киритиў мүмкинбе?
Жуўап: Мүддетти кешиктириў ҳаққында илтимаснама, сондай-ақ, есап бетинде қаржы жоқ екенлиги ҳаққындағы банк тәрепинен тастыйықланған ҳүжжет болғанда мәмлекетлик бажыны төлеместен экономикалық судына даўа киритиўи мүмкин.
Банк тәрепинен тастыйықланған ҳүжжетине судқа мүрәжат қылынған сәнеден көби менен 3 күн алдынғы сәне қойылыўы лазым (Мәмлекетлик бажы ҳаққындағы Нызамның 19-статьясы 27-бөлим).
Мәмлекетлик бажыны төлеў мүддетин кешиктириўге ерисиў ушын жазба илтимаснама киритиўиңиз лазым. Ол даўа арзада ямаса бөлек арзада баян етилиўи мүмкин. Илтимаснама бөлек арза көринисинде таярланған болса, ол даўа менен бир ўақытта усынылады.


Сораў: Дәрилик өсимликлерди жетистириӯ, сақлаӯ, бирлемши ямаса терең қайта ислеӯ кластерлерин шөлкемлестириў тәртиби ҳәмде жеңилликлер бойынша ҳуқықый түсиник берсеңиз?
Жуўап: Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жабайы халда өсиўши дәрилик өсимликлерди қорғаў, мәдений ҳалда жетистириў, қайта ислеў ҳәм бар болған ресурслардан акылға сай пайдаланыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, дәрилик өсимликлер кластери ушын жер майданы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм басламашылар ортасында дүзилетуғын питим тийкарында ажратылады. Сырт ел инвесторлары қатнасындағы дәрилик өсимликлер кластерине жер майданы инвестиция киргизиў ҳаққындағы шәртнама имзаланғаннан кейин Министрлер Кабинети тәрепинен ажратылады. Кластер Шөлкемлестиретуғын басламшы тәрепинен арза, бизнес реже ямаса техникалық экономикалық тийкарнама, зәрүр инфраструктура объектлер, мал мүлк ҳәм басқа қураллардың бар екенлиги ҳаққында мағлыўматнамалар усынылады.
Қарар менен дәрилик өсимликлер кластериниң тийкарғы ўазыйпалары белгиленеди. Қәнийгелестирилген аймақларда дәрилик өсимликлерди жетистириў туқымлық ҳәм нәллерди таярлаў басқышпа басқыш заманагѳй дәрилик өсимликлер плантацияларын шөлкемлестириў усы кластерлердиң ўазыйпаларынан бири есапланады.
2023-жыл 1-январға шекем дәрилик өсимликлер кластерлери, дәрилик өсимликлер жетистириўшилер ҳәм қайта ислеўшилер тәрепинен Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша алып келинетуғын шийки зат, үскенелер, арнаўлы техникалар, сондай-ақ, фитобарлар ушын вендинг автоматлары бажыхана бажыдан азат етиледи.
Сораў: Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў бойынша напақа суммасы физикалық шахслардың дәрамат салығы ҳәм социаллық салық есап-санағының қайсы қосымшасы ҳәм бетлерде көрсетилиўи керек болады?
Жуўап: Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы физикалық шахстың жәми дараматы қурамына кирмейди (Салық кодексиниң 369-статьясы 1-бөлим
7-бәнт). Тийисли түрде ол физикалық шахслардан алынатуғын салығы, қатаң белгиленген муғдардағы салық суммалары ҳәм социаллық салық бойынша салық есабатында көрсетилмейди (Әдиллик министрлиги тәрепинен 24.02.2020-жылда 3221-сан менен дизимнен өткен).
Сораў: Пуқаралық ислери бойынша судына даўа арза киритилгенде бажы пулын төлеў бойынша қандай жеңилликлер белгиленген?
Жуўап: Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң  133-статьясында суд тəреплердиң имканиятына қарап, мəмлекет дәраматына өндирилетуғын суд қәрежетлерин бөлип төлеўге, кешиктирип төлеўге ямаса бул төлемниң муғдарын кемейтирип бериў мүмкинлиги көрсетилген.


Фархад РОМАНОВ
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги бөлим баслығы