Янгиликлар
24
«Е-QAROR» СИСТЕМАСЫ БУЛ???
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл
14-апрель күнги «Жергиликли атқарыў ҳәкимияты органлары тәрепинен қабыл етилетуғын қарарларын ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимнен өткизилиўиниң бирден-бир электрон системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында»ғы 218-санлы қарыр қабыл етилди.
Бул қараға көре, «E-qaror» системасы 2021-жыл 1-январьға шекем сынаў сыпатында иске түсириледи. Бул сынаў биринши Қашқадарья ўәлаятынан басланады, ол жерде 5 ай, 2021-жыл январь-май айларында ҳуқықый эксперимент өткизиледи. Кейинги жылдың 1-июль күнинен баслап алынған нәтийжелер тийкарында система барлық дәрежедеги жергиликли атқарыў ҳәкимияты органларында енгизиледи.
«E-qaror» системасында төмендегилер нәзерде тутылады:
-ҳәкимликлердиң қарарларын ислеп шығыў, қабыл етиў, дизимнен өткериў, оларға тәкирарланбайтуғын арнаўлы номер бериў ҳәм автомат рәўиште жәриялаў процессин басқарыў ҳәм қадағалаў, ҳәм мәпдар шөлкемлер тәрепинен жойбарларға электрон көрнисте виза қойыў;
-қарарлар жойбарларын көрип шығыў ҳәм келисиў бойынша мәкемелер аралық электрон бирге ислесиўди, сондай-ақ, оларды ислеп шығыў процессин мониторинг қылыў.
Жаңа системаның үзликсиз жумыс алып барыў, оған техникалық хызмет көрсетиў, функционал имканиятларын жәнеде жетилистириў менен байланыслы қәрежетлер Хабар-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры есабынан финансластырылады.
«Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызам рәсмий күшке кирген ўақыттан баслап, яғный 1993-жыл 18-сентябрьден 2020-жыл 1-мартқа шекем қабыл етилген физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер ажыратыў ҳаққындағы өз күшинде болған ҳәкимлердиң қарарлары 2020-жыл
1-сентябрьге шекем толық хатлаўдан өткизиледи ҳәм қарарлар тийисли ҳәкимликлердиң рәсмий веб-сайтларында жәрияланады.
Фархад РОМАНОВ
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги бөлим баслығы