Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕГИ ИРИ САЛЫҚ ТӨЛЕЎШИ КӘРХАНАЛАРДЫҢ ЖЕКЕ ҲӘМ ХЫЗМЕТ АВТОМОБИЛЛЕРИНЕ СТИКЕР БЕРИЛЕДИ


Рухсат бериўши стикерлер усы кәрханалар хызметкерлериниң жеке ҳәм хызмет автомобиллерине енди мәмлекетлик салық органлары тәрепинен бериледи.(дерек МСК мәлимлеме хызмети)
Рухсат бериўши ҳүжжетти алыў ушын онлайн тәризде салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы электрон салық хызметлери порталына https://my.soliq.uz арза бериледи.
Арза жиберилген күннен баслап бир жумыс күни ишинде арнаўлы
QR-кодлы рухсатнама қәлиплестириледи, оны шығарыў, кейиншелик автотранспорт қуралында ҳәрекетлениў ушын пайдаланыў зәрўр.
Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ҳәр бир салық төлеўши өз алдына стикер квоталары белгиленеди. Рухсат бериўши стикер ол алынған күннен баслап 30 күн даўамында ҳәрекетлениў ҳуқықын береди.
Рухсат бериўши стикер алған хызметкерлер мийнет дәптершесиниң нусқасын ҳәм жумыс орнынан берилген тастыйықлаўшы ҳүжжетке ийе болыўы керек. Хызметкерлерге тек ғана  белгиленген бағдар бойынша, хызмет мақсетлерине муўапық саат 7:00 ден 20:00 ге шекем транспорт қуралларынан пайдаланыўға рухсат бериледи.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен 2019-жыл 12-июль күни 3172-саны менен дизимнен өткен «Юридикалық шахсларды ири салық төлеўшилер тайпасына киритиўдиң өлшемлерин белгилеў ҳаққындағы Режесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң қарарына муўапық төмендегилер ири салық төлеўшилер қатарына киреди:
-акциз салығына тартылатуғын товарларды ислеп шығарыўшы ҳәм акциз төленетуғын хызмет көрсетиўши кәрханалар;
-комерциаллық банклери, товар-шийки зат, фонд ҳәм валюта биржалары;
«Навоий КМК» ДК, «Олмалиқ КМК» АЖ ҳәмде олардың қурамына кириўши шөлкемлер;
-өнимлер бөлистирилиўине байланыслы питим бойынша жумысларды орынлаўда қатнасып атырған шөлкемлер;
-өним(товар, хызмет)лерди сатыўдан алынған сап түсими өткен календарь жыл жуўмағы бойынша 100,0 миллиард сўмнан жоқары болған ямаса избе-из келетуғын он еки айлық дәўир жуўмағы бойынша усы муғдардан асқан юридикалық шахслар;
-углеводород шийки заты ҳәм минерал ресурсларды қазып алыўшы, қайта ислеўши, жеткизип бериўши ҳәм сатыўшы ҳәмде электр энергиясын ислеп шығарыўшы ҳәм жеткизип бериўши юридикалық шахслар, буннан автомобиллерге жанылғы қуйыў шахапшалары буған кирмейди;
-Өзбекстан Республикасының ҳаўа бослығынан жолаўшыларды тасыў мақсетлеринде пайдаланыўшы, халқаралық ҳаўа байланысларын әмелге асырыўшы ҳәм олардың қурамына кириўши юридикалық шахслар.

Фархад РОМАНОВ
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги бөлим баслығы