Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Ҳәкимшилик суд ислерин журитиў ҳаққындағы айрым маселелер бойынша


Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумының 1991 жыл 20-декабрь күнги “Юридик әхемийетке йие болған фактлерди белгилеў ҳаққындағы ислер бойынша суд әмелияты ҳаққында”гы 5-сан Қарарының 12-бәнтинде, егер пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў үйымларында архив ҳүжжетлери жойтылған, тийисли жазыўлар сақланбаған ҳәм бундай жазыўларды тиклеў пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў үйымлары тәрепинен бас тартылған болса яки бундай жазыу тек судтың пуқаралық ҳалатын  дизимге алынғанлығын тастыйықлаўшы ҳал қылыў қарыры (мәселен, қайтыс болғанларға қарата) тийкарында тиклениў мумкин болған ҳалатларда судлар туўылғанлық фактын белгилеўге ҳақлы деп көрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин журитиў ҳаққындағы кодексиниң 27-статьясиниң 1-бөлими 1,2, 4-бантлерине көре, суд 1) шөлкемлердин норматив-ҳуқуқый ҳүжжатлер жүзесинен қарама қарсылығы ҳаққындағы;
мәмлекет басқарыў үйымларының, ҳәкимшилик-ҳуқықый искерлигин амелге асырыўга уәкиллигине йие болған басқа үйымлардың (буннан былай ҳәкимшилик үйымлары деп журтиледи), пуқаралар өзин өзи басқарыў үйымларының ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының нызам ҳүжжетлерен мас келмейтуғын ҳәмда пуқаралар яки юридик шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорықланатуғын мәплерин бузатуғын қарарлары, ҳарекетлери (ҳарекатсизлиги) жүзесинен карама қарсылығы ҳаққындағы;
Пуқаралық  ҳалаты актлерин жазыўды дизимге бас тартқанлығы яки пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў үйымларының лаўазымлы щахсларының ҳәрекетлери (ҳаракетсизлиги) жүзесинен қарама қарсылық пайда болыў хаққындағы  ислерди ҳал қылады деп көрсетилген.
Сондай ак усы кодекстың 15-статьясының 3-4-бөлимлеринде қарама қарсылық көз қарасларды тәртипке салыўшы ҳуқық нормалары пайда болмаған тағдирде, суд соған ўқсас мүнәсабетлерди тартипке салатуғын ҳуқықый нормаларды қоллайды, бундай нормалар ҳәм пайда болмағанда қарама қарсылық көз қарасларды нызамшылық тийкарларынан келип шығып ҳал қылади деп көрсетилген.

Кегейли районы Әдиллик бөлиминиң
бас мәсләҳәтшиси                                
Т.К.Қойлыбаев