Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

ИНСАН МƏПЛЕРИ ҲƏММЕ НƏРСЕДЕН ҮСТИН


Ҳүрметли Президентимиздиң “Инсан мəплери ҳəмме нəрседен үстин” деген принцип тийкарында, ҳалқымыз турмыс тəризин түптен жақсылыў мақсетинде алып барып атырған кең кɵлемдеги реформалары текғана мəмлекетимиз ҳалқы тəрепинен емес, бəлким ҳалықаралық жəмийетшилик тəрепиненде тəн алынбақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2020-жыл 24-январь күни мəмлекетимиз Парламентине жоллаған мүрəжатнамасында инсан ҳуқуқлары ҳəм еркинликлери ҳаққында тоқталып, “Тийкарғы жумысшы күши жасайтуғын ҳəм жумыс орынлары жаратылып атырған аймақлар ортасында бар болған айрмашылықларды сапластырыў ушын ишки миграцияни еркинлестириў кереклиги” ҳаққында тоқталған еди.
Усыған тийкар, “Турақлы прописка қылыў ҳəмде турған орны бойынша есапқа алыў тəртибин реформа қылыў ис-илəжлары ҳаққында”ғы Пəрман Мəмлекетимиз басшысы тəрепинен қабыл етилди.
Прописка системасын түптен реформа қылыўға қаратылған усы Пəрман ҳəр биримиздиң ɵз мəмлекетимиз аймағында емин-еркин ҳəрекетлениўимизди, жасаў ҳəм жумыс ислеў орнымызды ɵз қəлеўимизше таңлаў имкəнин бериўи менен бир қатарда, конституциялық ҳуқықларымыздыңда тəмийинлениўин кепиллейди.
Пəрманға муўапық, “турақлы прописка қылыў” ҳəм “турған орны бойынша есапқа алыў” түсиниклери “турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў” ҳəм “ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыў” түсиниклери менен ɵзгертилмекте. Соның менен бир қатарда, пуқараларға биринши ҳəм екинши дəрежедеги туўысқанларын ɵзиниң турақлы жасаў орны бойынша дизимде болған мəнзил менен бирге, ийелигинде болған үй-жай майданына турақлы жасаў орны бойынша дизимге қойыў имкəни жаратылмақта.
Сондай-ақ, Пəрман менен турақлы жасаў орны бойынша дизимге қойыў ушын ерли-зайыплының некеден соң бир жыл даўамында бирге жасаў шəрти ҳəмде бир жыл ишинде неке бийкар етилген жағдайда турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўы жоқ етилиўы ҳаққындағы талап алып тасланбақта.
Соның менен бир қатарда, шаңараққа тəрбияға алынған (патронат) шахслар олардың тутынған ата-анасының турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўы, алдын Ташкент қаласы ҳəм Ташкент ўəлаятында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған пуқаралар турақлы жасаў ушын тийислилиги бойынша қайтып келгенде, олар ҳеш қандай тосқынлықларсыз турақлы жасаў орны бойынша қайта дизимге алыныўы белгиленди.
Буннан тысқары, тийисли лаўазымға сайланған, тайынланған, тастыйықланған пуқаралар ҳəмде республика дəрежесиндеги басқа мəмлекетлик шɵлкемлерге жумысқа усынылған қəнийгелер ушын лаўазымды ийелеп турыў дəўирине берилетуғын турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныў ҳуқықына болған шеклеў алып тасланып, Республикамыздың басқа аймақларында дизимде турған пуқаралар Ташкент қаласы ҳəм ўəлаятындағы жаңа қурылған үйлерди сатып алып, үш жыл ишинде сатқан жағдайларда мəмлекетлик бажының айрықша ставкаларын қоллаў əмелиятыда бийкар етилмекте.
Пəрманға тийкар ɵзгерислердиң ең тийкарғысы бул, 2020-жыл
1-апрель күнинен баслап Ташкент қаласы ҳəм ўəлаятында кɵшпес мүлкке ийе болыўда Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары ушын усы аймақларда турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынғанлығы талап етилмейтуғынлығы болып есапланады.
Сондай-ақ, Пəнманға муўапық, артықша əўерегершиликлер ҳəм бюрократиялық тосықларға шек қойылмақта.
Атап айтқанда, мəмлекетимиз пуқараларын турақлы жасаў ҳəм ўақтынша жасаў орны бойынша дизимге алыў менен байланыслы жумыслар келешекте мəкемелер аралық электрон бирге ислесиў арқалы “бирден-бир айна” принципи тийкарында Ишки ислер министрлиги “Мəнзил” автоматластырылған хабар системасы арқалы əмелге асырылыўы нəзерде тутылмақта.
Пəман менен пуқараларымызды тўрақлы жасаў ҳəм ўақтынша турған орны бойынша дизимнен ɵтпестен жасаў мүддети 15 күнге созылып, дизимге алыўды рəсмийлестириў бир күн ишинде əмелге асырыў ҳəм пуқараларды турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыўда алдынғы турақлы жасаў орнынан дизимнен шығарыў тəртиби бийкар қылыў белгиленди.
Соның менен бир қатарда, Пəрманға тийкар, Ɵзбекстан Ресспубликасы Министрлер Кабинетине бир ҳəпте мүддетте “Ɵзбекстан Республикасы пуқараларын Ташкент қаласы ҳəм Ташкент ўəлаятында турақлы жасаў ҳəм ўақтынша турған орны бойнша дизимге алыў тəртиби ҳаққында”ғы Режени тастыйықлаў ўазыйпасы жүклетилди.
Жуўмақлап айтқанда, “Инсан мəплери ҳəмме нəрседен үстин” деген принцпке тийкарланған, ҳалқымыз турмыс тəризин түптен жақсылыў мақсетинде алып барып атырған кең кɵлемдеги реформалар буннан былайда  даўам етеди.

Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў
бɵлими баслығы Е.Утепов