Янгиликлар
22
Нызамшылықтағы_жаңалықлар
«Турақлы прописка қылыӯ ҳәмде турған орны бойынша есапқа алыӯ тәртибин реформалаӯ ис-илажлары ҳаққында» Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муӯапық, рухсат бериӯ қәсийетине ийе болған турақлы прописка қылыӯ системасынан басқышпа-басқыш хабар бериӯ қәсийетиндеги дизимнен өткериӯ системасына өтиледи.
Соған көре, биринши басқышда төмендегилер әмелге асырылады:
- «турақлы прописка қылыӯ» ҳәм «турған орны бойынша есапқа алыӯ» түсиниклери «турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алыӯ» ҳәм «ӯақтынша турған орны бойынша дизимге алыӯ» түсиниклерине өзгертиледи;
- пуқараларға биринши ҳәм екинши дәрежедеги туӯысқанларын өзи турақлы жасаӯ орны бойынша дизимде болған мәнзил менен бир қатарда ийелигинде болған үй-жай майданына турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге қойыӯ имкәнияты жаратылады;
- турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге қойыӯ ушын ерли-зайыптың некеден кейин 1 жыл даӯамында биргеликте жасаӯ шәрти ҳәмде 1 жыл ишинде неке бийкәр етилген жағдайда турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алыныӯы жойтылыӯы ҳаққындағы қағыйда алып тасланады;
- шаңарақ тәрбиясына алынған (патронат) шахслар олардың тутынған ата-анасының турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алынады;
- алдын Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ӯәлаятында турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алынған пуқаралар турақлы жасаӯ ушын тийислисинше қайтып келгенде, олар Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ӯәлаятына хеш қандай тосқынлықсыз қайта турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алынады;
- тийисли лаӯазымларға сайланған, тайынланған, тастыйықланған пуқараларға ҳәмде республикалық әҳмийетине ийе басқа мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа усынылып атырған жоқары маман қәнигелер ушын лаӯазымды ийелеп турыӯ дәӯрине берилетуғын турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алыныӯ ҳуқықына шеклеӯ бийкәр етиледи;
- Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ӯәлаятында жайласқан мәмлекетлик шөлкемлеринде 5 жыл мүддет даӯамында үзликсиз мийнет искерлигин жүритип атырған қәнигелер (техникалық, хызмет көрсетиӯши ҳәм ислеп шығарыӯ хызметкерлеринен тысқары) сол аймақларда турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алынады;
- республиканың басқа аймақларында турақлы жасаӯ орны бойынша дизимге алынған Өзбекстан пуқаралары тәрепинен Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ӯәлаятындағы жаңа қурылған жайларды сатып алып, 3 жыл ишинде сатқан жағдайларда мәмлекетлик бажының айрықша ставкаларын қоллаӯ тәртиби бийкәр етиледи.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими
А.Отарбаев