Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Диний экстремизм ҳәм фундаментализм


Мәмлекет ҳәм жамийет қәўипсизлиги әзелден мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады. Әсиресе, бүгинги күнде қәўипсизликти тәмийинлеў ўазыйпасы алдыңғы қатарда әҳмийетге ийе. Себеби дүнья майданында терроризм ҳәм диний ақидапарастлық ағымы мәмлекетлер қәўипсизлигине тәсир етип, раўажланыўына қәўип салыў арқалы дүньяға ҳүкимликке ерисиўге умтылмақта.
Бүгин идеялогия полигонлары ядро полигонларынан да қәтерли ҳәм қәўипли. Себеби идеялогиялар арқалы инсан санасына тәсир етип оның руўхый дүньясынан орын алса, инсанды белгили бир мақсет жолында ҳәрекетге келтиреди ҳәм ой-пикирлериниң бузылыўына алып келеди.
Жер жүзинде бүгинги күнде исленип атырған террористлик актлер халқымызды еледе бир иләҳий уллы идеялар бағытында бирлесиўге шақыратуғын болса, дүнья көлеминде амелге асырылып атырған террористлик ҳәрекетлер терроризм иллетине жәҳан көлеминде биргеликте гүресиў лазымлығының әйне ҳақыйқат екенлигин көрсетеди.
Заманның жүдә глобалласып пән-техника раўажланыўы ҳәмде мәлимлеме-технологиялары әсиринде инсан санасы ҳәм руўхый дүньясы ҳәмде орталықты сезиниўин сынаўдан өткерилмекте. Инсан санасына ақидапарас күшлер жат идеяларды енгизиўге ҳәм буның менен мәлим мәмлекетлердиң ишинде сиясий  ыдыраў, тәртипсизликти келтирип шығарыўға ҳәм соның менен ҳәкимият басына келиўге умтылмақта.
Усы сыяқлы, бизлердиң де азат ҳәм абат Ӱатанымыздың тынышлығын көреалмайтуғын айырым күшлер мәмлекетимиздиң раўажланыў турақлылығын, тынышлығын бузыўға умтылмақта.
Мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы тыныш, парахат турмысына қәўип салыўшы тийкарғы факторлардан бири болған диний экстремизм ҳәм фундаментализм болмақта.
Демек диний экстремизм ҳәм фундаментализм түсиниклери нени аңлатады. Алды менен усы тәрепине тоқтаўымыз лазым.
Диний экстремизм айырым диний ағымлар яки айырым диншиллердиң жамийеттиң нызам-нормалары ҳәм қағыйдаларына сай келмейтуғын идеялогиясы ҳәм искерлиги менен тәсир жасаў болып табылады. Диний экстремизм көпшилик динлерде бар болып, оның тәрепдарлары өз алдына сиясий мақсетлерди өзлери алдына  қояды.
Ислам экстремизминиң ақидасына көре, ҳәзирги заман мусылман жәмәәтлери ислам дини көринислерин жоғалтқан жәмийетлерине айланып, бундай жантасыўлар менен ҳүкимет ҳәм оның алып барып атырған мәмлекет сиясатын кескин қаралаў ушын тийкар болып хызмет етеди деп пикирлейди. Сондай-ақ, ҳақыйқый мусылманлар ҳәкимиятқа келген соң, тикленежақ “исламый тәртип”ти орнытыў ушын кескин ҳәм агрессив ҳәрекет қылыўлары лазымлығын билдиреди. Бундай ҳәрекетлердиң нызамға муўапықлығы мәселеси олар тәрепинен улыўма ортаға қойылмайды, олар тек шәриятқа таянып ис көреди ҳәм өзлерин исламнан шегинген ҳәкимиятты аўдарыўға ҳақылымыз деп ойлайды.
Ҳәзирги заман ислам экстремизминиң идеялық тийкаршысы ретинде “Мусулмон-биродарлар” ҳәрекетинен (Египетте 1928-жыл) жетисип шыққан Саййид Қутб (1906-65) тән алынған. Оның теориясына көре өзин мусылман деп есаплаўшылардың көпшилиги тийкарынан мусылман емес ҳәм улыўма, бәрше мәмлекетлер исламға қарсы деп пикир жүргизеди. Демек, мақсет – ислам мәмлекетин тиклеў ҳәм жәмийетти толығы менен исламластырыў болып табылады.
Диний экстремизм анық көринисте мәмлекетимизде де пайда болды. Буған мысал ретинде 1999-жыл 16-февралда Ташкент қаласында жүз берген ўақыялар диний ақидапарастлардың тийкарғы мақсети конституциялық дүзимге тәсирин тийгизиў ҳәм ҳәкимият басына келиў екенин көрсетти.
Диний экстремизмниң Өзбекстанға басымын ақидапарастлықты жайыў арқалы ҳәрекет етип турған мәмлекетге, оның сиясатына исенимди жоққа  шығарыўға урыныўда көриў мүмкин.
Экстремистлер жәмийетте ерксиз, көниўши, жумыссыз шахслар қатарын арттырыўды, “жасалма” ҳәм “ҳақыйқый” диншиллик белгилери бойынша қарама-қарсылықты келтирип шығарыўды көзлейди. Олар өз мақсетлерине ерисиў ушын өз тәрептарларын таярлаўға ҳәрекет етеди.
Өзбекстанды Батысқа “исламластырылған”, Шығысқа болса, керисинше, “динсиз”, “атеист” мәмлекет ретинде аңлатып, Мәмлекетимиздиң халықаралық көринисте абырайына түсириў мақсетинде болады. Олар, улыўма, ислам цивилизациясы менен ноисламий цивилизациялар ортасында қарама-қарсылықларды күшейтиў сыяқлы жаўыз режелерди де дүзиўден қайтпайды.      
Фундаментализм түсинигине тоқтайтуғын болсақ бул – анық тәлиймат ақидаларының өзгермейтуғынлығын дағаза ететуғын, сыйыныўды ақыл дәлиллеринен үстем қоятуғын, иләҳий китаплардағы қуданың қәлеўи қайсы мәниде баян етилген болса, сол мәниде қабыл етилиўин талап ететуғын, әйне ўақытта оларды өзгермели мәнисте талқылаўға ҳәр қандай урыныўларды бийкар ететуғын, дин тийкарларын булжытпай орынлаўды қатаң талап ететуғын социаллық, идеялогиялық, диний бағдарлар түсиниледи.
XX әсирдиң 70-жылларынан фундаментализм сөзи ислам тәлийматына да қарата қолланыла баслады. Ислам фундаментализми Қуран ҳәм ҳәдислерди сөзбе-сөз талқылаў ҳәм дәслепки Исламға қайтыўды үгит-нәсиятлайды.
Бүгинги күнде фанатик мусылманлар “фундаменталистлер” деп аталмақта. Ислам фундаментализми түрли бағдар ҳәм кейпияттағы топарларды өз ишине алады. Олардың базылары террор усыллары менен нызамлы ҳәкимиятға қарсы гүресте өзин көрсетсе, басқалары үгит-нәсиятлаў, агитация жумысларын, диний тәлим менен, түрли жәмийетлик шөлкемлери, мектеп, университет, ғалаба хабар қуралларына кирип барыў, аудио-видеодискларды тарқатыў жолы менен әмелге асырады.
Ислам фундаментализмине тән болған идеялар – батыс турмыс тәризи ҳәм батыс товарларының тутынылыўына қарсы гүрес, динсиз яки “таза исламнан шегинген” мәмлекет пуқараларына тәсир көрсетиў, Ҳүкимет басшыларына физикаылқ жоқ етиўден ибарат.
Бул мазмуннан жуўмақ шығарыўымыз керек, мәмлекетимиздиң миллий қәўипсизлигине басымлар мәлим системаның емес, бәлким мәмлекетимизде искерлик көрсетип киятырған бәрше тараўдың турақлы раўажланыўына үлкен кери тәсир көрсететуғынын, оның изден шығыўына алып келетуғынлығын естен шығармаўымыз лазым.
Билдирип өтилгенлерди нәзерде тутқан ҳалда ҳәр бир тараў ўәкиллери, алды менен, аңғарыў ҳәм сергекликти күшейткен ҳалда, жоқары дәрежедеги мәнәўий-мәрипий, сиясий дүньяқараслар менен жоқары профессионаллық тийкарда жумыс алып барыўды, искерлик даўамында мәмлекетимиз ҳәм дүньяда болып атырған раўажланыўлар, реформалар мазмун-мәниси ҳәмде әҳмийетин дурыс аңлап жетип, нызамшылық нормалары  шеңберинде жумыс алып барыў мақсетге муўапық болады.
Сондай-ақ, Халық мәпин көзлеп, Ӱатансүйиўшилик сезимлери менен, елимизде алып барылып атырған сиясатты қоллап-қуўатлап ҳамме ўақыт сергек болыў зәрүр.

Қарақапақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери бөлими баслығы
Отеулиев Абилкасим Отегенович