Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Сораған едиңиз


Сораў: Бизлер “Ҳалықаралық Аралды қутқарыў жамғармасының Нөкис бөлими” жәмийетлик фонды формасындағы  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемимиз. Бизлердиң фондқа халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлери пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк бермекши еди. Усы пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлкти алыўды дизимнен өткериўши орган менен келисиў тәртибине түсиник берсеңиз?

Қаракалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бөлими баслығы Абилксим Отеулиев жуўап береди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-октябрьде “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң шет мәмлекетлерден, халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлеринен, шет мәмлекетлердиң пуқараларынан яки олардың тапсырмасы менен басқа шахслардан пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыўды дизимнен өткериўши орган – әдиллик органы менен келисиў тәртиби ҳаққында Режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы 858-санлы Қарары қабыл етилди ҳәм 2019-жыл 10-октябрь күнинен баслап күшке кирди.
Усы қарар менен тастыйықланған Режеге тийкар Сизиң фондқа шет елли шахслардан алынатуғын пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлктиң  жәми суммасы бир календарь жылда базалық есаплаў муғдарының 20 есесине шекем болғанда тийисли ҳүжетлерди мағлыўмат ушын, 20 есесинен артық муғдарда болғанда болса келисиў ушын усыныўыңыз тийис болады.
Келисиў ушын пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўы мөлшерленген сәнеден кеминде жигирма күн алдын мәмлекетлик дизиминен өткерген әдиллик органына Режеде белгилеп берилген мүрәжатнама формасында ҳәм онда нәзерде тутылған ҳүжжетлердиң нусқаларын қосымша етип жазба ямаса электрон формада мүрәжат етиў лазым болады.
Егер фондыңызға хабарсыз, мәлим болмаған ҳалда банктеги есап бетине пул қәрежети киритилсе яки мал-мүлк келсе, бул ҳаққында сиз хабар тапқан яки хабар табыўы лазым болған күннен баслап үш күн ишинде мүрәжатнама формасында ҳәм нәзерде тутылған ҳүжжетлер нусқаларын қосымша етип келисиў ушын әдиллик органына мүрәжат етиледи.
Пул кәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў ушын усынылған ҳүжжетлер әдиллик органы тәрепинен он бес күн ишинде көрип шығылады.
Нәтийжелери бойынша пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў ямаса себеплерин көрсетип келисиўди бийкар етиў ҳаққында фондты жазба ямаса электрон формада хабардар етеди. Егер он бес күнлик мүддетте әдиллик органы келисиў яки келисиўди бийкар етиў ҳаққында жазба ямаса электрон формада хабар бермесе, олардың алыныўы әдиллик органы менен келисилген болып есапланады.
Келисим алынғаннан соң фондыңыз келип түскен пул қәрежетлеринен ҳәм мал-мүлкден уставынызда (режеңизде) нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын ҳеш қандай тосқынлықларсыз пайдаланады.