Янгиликлар
20
Сораған едиңиз
Сораў: Карантин дəўиринде кимлерге пенсия пуллары нақлатып бериледи?
Жуўап: I ҳәм II топар майыплары және ҳәрекетлениўи шекленген пенсионерлердиң пластик карталарындағы пуллары жасаў жеринде нақластырып бериледи.
Сораў: Усы жылдың апрель айында 27 ге толатуғын пуқаралардың бир айлық әскерий хызметке барыў ҳукықы созыла ма?
Жуўап: Карантин себепли ўақтынша қалдырылған бир айлық жыйынлар, сондай-ақ, апрель айында 27 жасқа толатуғын пуқаралар ушын да жыйын мүддетин бир аз мүддетке созыў ҳәм олар ушын бир айлық хызметти өтеўге имкан жаратыў бойынша бүгинги күнде белгиленген тәртипте жумыслар алып барылмақта.
Бул мәселе көрип шығылып, қарар қабыл етилгеннен соң оның нәтийжелери аймақлардағы қорғаныў ислери бөлимлери арқалы жеткериледи.
Сораў: Жеке меншик клиникаларға коронавирусқа анализ өткериў ҳуқықы бериледима.
Жуўап: Арнаўлы комиссияның карары менен мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерге барлық талапларға әмел қылған ҳалда аймақлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайларының баслығы тәрепинен қол қойылатуғын шәртнама тийкарында 2020-жыл 1-сентябрге шекем коронавирус инфекциясын лаборатор тексериў бойынша пуллы хызмет көрсетиўине рухсат бериледи.
Сораў: Ҳәзир отпускаға шығып кетсек, 20 күннен кейин отпускамыз тамамланады, сол гезде карантин тамамланбаған болса, бизлерди өз есабымыздан және дем алысқа шыгара ма?
Жуўап: Нәўбеттеги мийнет дем алысынан пайдаланған ҳәм жумысты аралықта турып, ийкемлескиш жумыс графиги тийкарында ислеўдиң имканы болмаған хызметкерлерге ҳақы төлеў бойынша Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине қысқа мүддетте усыныс ислеп шығыў ўазыйпасы Арнаўлы комиссия тәрепинен жүклетилген.
Сораў: Жолаўшы тасыў менен шуғылланыўға лицензиялар бойынша арза қабыл етиў ўақтынша тоқтатыладыма?
Жуўап: Мүддети тамамланатуғын төмендеги ҳүжжетлердиң мүддетлери 2020-жыл 1-июль күнине шекем создырылған деп есапланады:
– барлық түрдеги рухсат бериўши лицензия ҳәм рухсатнамалар;
– шахсты тастыйықлаўшы;
– автотранспортты баскарыў ушын талап етилетуғын барлық ҳужжетлер.
Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў
бɵлими баслығы Е.Утепов