Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Сораған едиңиз


Карантин мүддети қашанға шекем даўам етеди?
Жуўап: Республика арнаўлы комиссиясының қарары менен 2020-жыл 20-апрелге шекем енгизилген шеклеўши илажлар (карантин) ҳәм коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы каратылған күшейтирилген тәртип
2020-жылдың 10-май күнине шекем создырылды.
Сораў: Арнаўлы комиссияның карантин мүддетин 10-майға шекем создырыў ҳаққындағы карары менен басқада өзгерислер болдыма?
Жуўап: Аўа
- аймақларда жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен кийим-кеншек, хожалық буйымлары, туқымлар сыяқлы азық-аўқат болмаған затларды көшпели саўда орынлары арқалы сатыўға рухсат етиледи.
- экономиканың стратегиялық әҳмийетли бағдарлары ҳәм ири ислеп шығарыўшы шөлкемлерниң жумысын даўам еттириўге рухсат бериледи.
- жергиликли ҳәкимликлердиң сораўына муўапық ири ислеп шығарыў шөлкемлерине хызмет көрсетиўши исбилерменлик субъектлериниң жеке автотранспорт қуралларына арнаўлы рухсатнама бериледи.
Сораў: Ҳәзирги карантин дәўиринде ПХАЖ бөлимлери ислеп турма?
Жуўап: Коронавирус пандемиясы себепли 2020-жылдың 25-мартынан баслап Әдиллик министрлиги системасындағы барлық ПХАЖ (Пукаралық ҳалаты актлерин жазыў) бөлимлеринде пуқаралар тек кешиктирип болмайтуғын жағдайларда ғана (туўылыў ҳәм өлим ҳаққындағы акт жазыўларын дизимге алыў ушын) қабыл етилмекте.
Сораў: Карантин дәўиринде талабалар өз үйлеринде болып атырғанлығы себепли олардың жатақхана ушын төлеген пуллары қайтарып бериле ме?
Жуўап: Жокары оқыў орынларының талабалар жатақханаларында жасаўшы талабалар оқыў жылы ушын белгиленген төлемлерди толық төлеген болса, пайдаланылмай қалған айлар ушын төленген пуллар талабаның жазба мүрәжатына муўапық кайтарып бериледи яки оның разылығы менен кейинги оқыў жылына өткерилип, жатақханада жасаўы ушын қайта есаплап бериледи.
Сораў: Талабалар аралықта (дистанцияда) оқып атырғанлығы ушын олардың контракт пулында өзгерис бола ма?
Жуўап: 2020-жылдың 1-апрелинен баслап жоқары оқыў орынлары талабалары ушын аралықта билим бериў енгизилгени мүнәсибети менен оны шөлкемлестириў ҳәм материаллық базасын жаратыўға жоқары оқыў орынлары тәрепинен қосымша қаржылар жумсалмақта.
Аралықта билим бериў тиккелей (туўрыдан туўры аудитория сабақлары) оқыў процеси графигиниң еки айы бойынша киритилмекте.
Демек, талабалар тәрепинен усы оқыў жылы ушын белгиланген контракт пулы толық төлениўи лазым.

Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў
бɵлими баслығы Е.Утепов