Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

МҮРƏЖАТЛАРДЫ ҚАБЫЛ ЕТИЎ БОЙЫНША


Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-март күнги 176-санлы қарарына тийкар, республикамыз аймағында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде қатаң тəртип белгиленди.
Сондай-ақ, Президентимиз Бийлиги менен шɵлкемлетирилген арнаўлы комиссия қарары менен бир қанша шеклеўлер əмелге асырылды.
Усыған байланыслы, мəмлекетлик уйымлар хызметкерлери соның ишинде Əдиллик уйымларыныңда кɵпшилик хызметкерлери аралықтан жумыс ислеў тəртибине ɵткерилдеи.
Сол себепли, бүгинги күнде Ɵзбекстан Республикасы Əдиллик министрлигиниң қысқа 1008 номерли, Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлигиниң 223-71-93 санлы “Исеним телефон”лары ўақтынша ɵз жумысларын тоқтатты. Бул дегени əдиллик уйымлары карантин ўақтында пуқаралардан мүрəжат қабылламайды ҳəм кɵрип шықпайды дегени емес. Себеби, бүгинги карантин даўиринде пуқаралардың ҳуқықый мəселедеги саўалларына тезлик пенен жуўап бериў мақсетинде Ɵзбекстан республикасы Əдиллик министрлиги тəрепинен телеграм мессенжеринде  @huquqiy_maslahatbot бот каналы ашылып усы жылдың 20-апрель күнинен баслап иске түсирилди. Бул бот арқалы келип түскен мүрəжатларға сол ўақыттың ɵзинде əмелдеги нызамшылық талапларынан келип шыққан ҳалда жуўаплар, яғный тийисли түсиниклер бериледи.
Соның менен бир қатарда, бүгинги карантин дəўиринде пуқаралардың министрликке мүрəжат етиўи ушын ҳəм олардың машқалаларын илажы барынша шешиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тəрепиненде бир қанша илəжлар əмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, министрликтиң qoraqalpoq.adlya.uz электрон почтасы арқалы ҳəм 97-474-2424 телефон номерине жалғанған телеграм тармағы арқалыда пуқаралардың мүрəжатларын қабыл етиў жолға қойылған.
Бунда келип түскен мүрəжатлар тийсли тəртипте дизимге алынып, нызамда белгиленген мүддетте кɵрип шығылады ҳəм жазба түрде жуўап бериледи. Бул жазба түрдеги жуўаплар сол мүрəжат келип түскен электрон почта яки телегрем мəнзили арқалы жибериледи.
Сонлықтан, ҳүрметли пуқаралар!!! бүгинги Карантин дəўиринде ҳуқықый мəселеде сораўлар пайда болған жағдайда үйден шықпаған ҳалда əдиллик уйымларына qoraqalpoq.adlya.uz электрон почтасы ҳəм телеграм мессенжердгие @huquqiy_maslahatbot ҳəм ҳəм 97-474-2424 телефон номерине жалғанған телеграм каналы арқалы мүрəжат етиўиңиз усыныс етиледи.


Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў бɵлими
баслығы Е.Утепов