Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

КАРАНТИН ДƏЎИРИНДЕ ҲАЛЫҚҚА ЖАРАТЫЛҒАН ЖЕҢИЛЛИКЛЕР ҲАҚҚЫНДА


Коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң Бийлиги менен шɵлкемлестирилген Арнаўлы комиссия қарары менен, бир қанша шеклеўши илəжлар белгиленди.
Бул шеклеўлер əлбетте ҳалқымыздың кем тəмийинленген қатламларына ҳəм күнделиели қол ушы талап ислейтуғын хожалықларға ɵзиниң кери тəсирин тийгизиўин есапқа алған ҳалда, Президентимиз тəрепинен карантин дəўиринде ҳалықты социаллық қорғаў ҳəм қоллап қуўатлаў мақсетинде Пəрманлар қабыл етилди.
Атап айтқанда, 2020-жыл 19-март күнги 5969-санлы Пəрманына тийкар, коронавирус инфекциясы менен зыянланған яки карантинге алынған жумыс ислеўши ата-аналар, сондай-ақ, олардың 14 жасқа шекемги балаларына қарап атырған шахсларға орташа айлық ис ҳақының 100 пайызы муғдарында ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасын тɵлеўи белгилеп қойылған болса, бундай шахслар, яғный хызметкерлер менен мийнет шəртнамаларын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў қадаған етилди.
Сондай-ақ, усы Пəрман менен ɵзин ɵзи басқарыў уйымлары тəрепинен тайынланатуғын напақалардың санын 2020-жыл 1-апрель күнинен баслап
10 пайызға асырыў белгилеп қойылды.
Буннан тысқары, Президентимиздиң 2020-жыл 3-апрель күни
5978-санлы Пəрманына муўапық, усы жылдың март - июнь айларында тɵлеў мүддети тамамланатуғын напақалар яғный ɵзин ɵзи басқарыў уйымлары тəрепинен тайынланатуғын напақалар, тийисли ҳүжжетлерди қайта жыйнап тапсырмастан 6 ай мүддетке даўам еттирилиўи белгиленди.
Усы жерде соныда айтып ɵтиўимиз керек, бул напақалар егер бала
белгили жасқа толған жағдайларда даўам еттирилмейди.
Бул алып барылып атырған илəжлар, бүгинги карантин дəўиринде Ҳүкиметимиз тəрепинен ҳалықты социаллық қоллап қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанынан дерек береди.
Соның менен бир қатарда, ҳүкиметимиз тəрепинен тийисли мəкемелерде ислеўши хызметкерлерге де бир қанша жеңилликлер жаратылған.
Атап айтқанда, Карантинға байланыслы хызметкерлерди аралықтан турып жумыс усылында, масласыўшан жумыс графиги яки үйде ислеўге ɵткериўдиң ўақтыншалық тəртиби Ɵзбекстан Республикасы Əдиллик министрлиги тəрепинен дизимнен ɵткерилген.
Бул Режеге тийкар, ҳəмме мəмлекетлик ҳəм мəмлекетлик емес мəкеме ҳəм шɵлкемлер хызметкерлери аралықтан турып, масласыўшан жумыс графиги тийкарында ямаса үйден турып жумыс ислеўлери мүмкин.
Сондай-ақ, Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-март күнги 5969-санлы Пəрманына тийкар, мəмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын ҳəм ɵз жумысын тоқтатқан мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы ҳəм жоқары билимлендириў мəкемелери, спорт ҳəм мəденият мəкемелери хызметкерлериниң ис ҳақыларын ɵз ўақтында тɵлеп берилиўин тəитйтнлеў бойынша Ɵзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ҳəм Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлигине тийисли тапсырмалар берилген.
Бирақ, бүгинги күнде əмелдеги нызамшылықта басқа мəкемелердиң хызметкерлерине яғный, пуллы мийнет дем алысынан пайдаланған ҳәм жумысты аралықта турып, масласыўшан жумыс графиги тийкарында ислеўдиң имканы болмаған хызметкерлерге ис ҳақы төлеў бойынша тəртип белгиленбеген.
Сонлақтан, Арнаўлы комиссия тәрепинен Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине қысқа мүддетте бул тараўда усыныс ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилген.
Жақын күнлерде буныңда тəртиби нызамшылық пенен белгиленеди.


Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў
бɵлими баслығы Е.Утепов