Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Сораған едиңиз


Сораў: Егер жумыс аралықтан ислеўге ɵзгертилсе, мийнет шəртнамасында ɵзгерис болама ямаса айлық тɵлеминде ɵзгерис болама?
Жуўап: Карантин дəўиринде жумыс бериўшилер хызметкерлердиң разылығы менен мийнет шəртнамасына тийисли ɵзгерислер киритип, хызметкерлерди аралықтан ислеў усылында, масласыўшаң жумыс графиги яки үйде ислеўге ɵткериўлери мүмкин.
Сондай-ақ, усы жағдайларда хызметкердиң мийнетине ҳақы тɵлеў тɵмендегише əмелге асырылады:
- мийнетке ҳақы тɵлеўдеги саатбай тийкарында - хызметкердиң аралықтан жумыс ислеўге ɵткерилгенге шекем берилетуғын тариф ставкасы (лаўазым оклади)нан келип шыққан ҳалда;
- мийнетке ҳақы тɵлеўдеги жумыс тийкарында - орнатылған баҳалардан келип шыққан ҳалда.
Демек, усы жағдайда хызметкерге айлық ис ҳақылары жумыс бериўши ҳəм хызметкер ортасындағы дүзилген мийнет шəртнамасында нəзерде тутылған тəртипте толық тɵлеп бериледи.
Сораў:  Коронавирус пандемиясы себепли хызметкерлер мийнет дем алысында ўақтында жумыс бериўши есабат тапсырмағанлығы ушын ҳəкимшилик жəримаға тартылыўы мүмкинба?
Жуўап: Киши кəрханалардан тысқары, мүлкшилик формасына қарамастан бəрше кəрхана, шɵлкем ҳəм мəкемелер жумыс бериўшилери бос жумыс орынлары бар-жоқлығы ҳаққындағы мағлыўматларды ҳəмде хызметкерлердиң жумыстан азат етилгенлиги ҳаққындағы хабарларды район, (қала) ҳалық бəнтлигине кɵмеклесиў орайларына ҳəр айдың 5-сəнесинен кешиктирместен ҳəр есабат айының 30-31-сəнеси жағдайы бойынша электрон яки қағаз формада усыныўы шəрт.
Коронавирус пандемиясы тарқалыўына қарсы ис-илəжлар ҳаққында қабыл етилген қарарларда жумыс бериўшилерди бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматларды усыныўдан азат етпеген, сол себепли мағлыўматлар белгиленген мүддетлерде усынылыўы лазым.
Сонлықтан, Ɵзбекстан Республикасы Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 229-статьясына тийкар, бос жумыс орынларын жасырыў яки хабарды ɵз ўақтында усынбаслық ушын ҳəкимшилик жəрима қолланылыўы мүмкин.
Сораў: Карантин себепли тйикарғы жумыс орнынан ис ҳақы сақланбаған ҳалда дем алысқа шығып, шахсый автомобилде «жеткерип бериў» менен шуғылланытуғын фирмаға жумысқа кирип ислеў мүмкинба? Бул ис стажына ɵтема ҳəм мийнет дəптершесине жазылама?
Жуўап: Хызметкер карантин дəўиринде ɵз есабынан демалыс алған болса, усы мийнет дем алысы, оның мүддетине қарамастан, хызметкердиң ис стажына киреди.
Сондай-ақ, орындаслық тийкарында ҳəмде бир неше кəсипте ҳəм лаўазымда ислеў тəртиби ҳаққындағы Режеге тийкар, хызметкердиң ɵзиниң тийкарғы жумысын орынлаўдан тысқары тийкарғы жумысынан бос ўақтта мийнет шəртнамасы тийкарында басқа ҳақы тɵленетуғын жумысты орынлаўы мүмкин.
Хызметкердиң илтимасына кɵре, орындаслық тийкарындағы жумыс оның мийнет дəптершесине киритиледи ҳəмде ислеген дəўири мийнет стажына есапланады.
Сораў: Карантин дəўиринде медицина хызметкерлери маманлығы бойынша аттестациядан ɵтиўи шəртпе?
Жуўап: Карантин дəўиринде бəрше дəрежелер мүддети созылады ҳəм дəрежеге байланыслы болған тɵлемлер тɵлениўи даўам етебереди. Дəрежеге аттестация карантиннен соң тапсырылады.
Сораў: Кимлерге пенсия пуллары нақлатып берилетуғын болды?
Жуўап: I ҳәм II топар майыплары және ҳәрекетлениўи шекленген пенсионерлердиң пластик карталарындағы пуллары жасаў жеринде нақластырып бериледи.    


Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў
бɵлими баслығы Е.Утепов