Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Онлайн ҳуқықый мәсләҳәт


Сораў: Карантинге жайластырылған шахслар телефонларының алып қойылыўы қаншелли нызамға дурыс келеди?

Жуӯап: «Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы Нызамның 32-статьясына муўапық, жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер ошақларында емлеў-профилактика ҳәмде санитария-эпидемиология хызмети мәкемелери тәрепинен төмендегилерге қаратылған ис-илажлар белгиленген тәртипте өткериледи:
-        жуқпалы ҳәм паразитар наўкас деп гүмән етилген шахсларды анықлаў, айырып қойыў ҳәм емлеўханаға жатқарыўға, сондай-ақ олар менен байланыста болған шахсларды лаборатория тексериўинен өткериўге ҳәм олардың медициналық бақлаўын алып барыўға;
-         жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлердиң жуғыў жоллары ҳәм дереклерин анықлаў ҳәмде олардың инсанға тәсир көрсетиўиниң алдын алыўға.
Вирусолог алымлардың атап өтиўинше, тийкарынан пластиктен таярланған телефонлар ҳәм мағлыўмат тарқатыўшы басқа қураллар өзинде инфекциясын сақлаў ҳәм тарқатыў өзгешелигине ийе болғаны себепли, оларды карантин аймағына алып кириў санитар қағыйдаларға қайшы келеди. Себеби инфекция қағаз ҳәм пластиктиң бетинде ең узақ ўақыт – 5 күнге шекем сақланып қалынады.
Усы Нызамның жоқарыда көрсетилген қағыйдаларын әмелге асырыў ҳәмде коронавирус инфекциясы менен байланыслы басқа жағдайларды ҳәм вирус ошақларын өз ўақтында анықлаў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 176-санлы қарары менен тастыйықланған Короновирус инфекциясы анықланғанда (гүмән етилгенде) орынланатуғын профилактикалық ҳәм эпидемияға қарсы илажларды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы режеде карантинге жайластырылған коронавирус инфекциясы менен кеселленген ямаса усы инфекция бар деп гүмән етилген шахслардың мобиль телефонлары, аудио ҳәм видео жазыў үскенелери, кредит карталары ҳәм мағлыўмат тарқатыўшы басқа қуралларын ўақтынша алып қойыўға байланыслы норма көзде тутылған.
Дүнья әмелиятына нәзер таслайтуғын болсақ, Россия, Сингапур, Израил ҳәм басқа қатар мәмлекетлерде де тап сондай шаралар қолланылмақта. Атап айтқанда, Россияда карантинге жайластырылған шахслар байланыста болған басқа шахслар ҳәм олар барған орынларды анықлаў мақсетинде телефонлардағы GPS-функциясы мағлыўматларынан пайдаланыў әмелияты кең қолланылады. Усы ўақытларда соны итибарға алыў керек, айырым жағдайларда карантинге жайластырылған шахслар өзлери байланыста болған шахсларды әшкар етпейди ямаса оларды умытып қалады.  Өзбекстанда усы вирусты биринши жуқтырып алған шахс пенен байланыслы жағдай буған мысал бола алады.
Усы факторды есапқа алған ҳалда, ўақтынша алып қойылған затлар олардың ийелерине медицина мәкемесинен шығыўы менен олардың өзлерине ямаса дақын ағайинлери ямаса ўәкиллерине қайтарылады
Ўақтынша алып қойылған затларды сақлаў тийисли медицина мәкемелери ҳәмде ишки ислер, Миллий гвардия органларының бөлимлери менен бирге шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, усы шеклеў физикалық шахслардың шахсы ҳаққындағы мағлыўматларды қорғаў имканиятын да береди. Айырым жағдайларда социаллық тармақларда карантин орынларына байланыслы видео ҳәм фотолар тарқалмақта. Көплеген постлар ҳәм роликлерде коронавирустың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар, сырт елден келген пуқараларды сақлаў шәраятлары ҳаққында жалған мағлыўматлар усынылмақта. Соның менен бирге усы мәкемелерге жайластырылған басқа шахслардың жеке мағлыўматларын қорғаў бойынша нызамлы шеклеўлерге әмел етилмей атыр.
Нызамға муўапық, физикалық шахслардың шахсқа байланыслы мағлыўматлар сыр сақланатуғын мағлыўматлар саналады. Жалған мағлыўматлар ҳәм субъектив баҳалар халық ортасында қәўетерлениў ямаса ҳәр түрли мыш-мышлардың пайда болыўына алып келеди, бул болса, өз-өзинен халықтың саналы түрде ол ямаса бул ҳәрекетти ислеўге тәсир көрсетеди.
Әне усылар ҳәмде усы ўақтынша шеклеўлердиң орынлы екенлиги себепли, оларға түсиниў менен жантасыў лазым. Бундай илажлар тек ғана халық саламатлығын қорғаў ушын ғана әмелге асырылмақта.  

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
бөлим баслығы И.Алдабергенов