Янгиликлар
21
Онлайн ҳуқықый мәсләҳәт
Сораў: Енгизилген шеклеўши илажлар пуқараларымыздың Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм халықаралық конвенцияларда кепилленген ҳуқық ҳәм еркинликлерин бузып атырған жоқ па?
Жуӯап: Биринши нәўбетте соны атап өтиўимиз лазым, Конституцияның 20-статьясына муўапық, пуқаралар өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда басқа шахслардың, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң нызамлы мәплери, ҳуқық ҳәм еркинликлерине зыян жеткермеўи шәрт деп белгилеп қойылған.
Енгизилген шеклеўши илажлар Өзбекстан Республикасының нызамлары, атап айтқанда «Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы Нызамға толық муўапық есапланады ҳәм нәтийжеде ҳәр бир пуқараның ажыралмас ҳуқықы болған – жасаў ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылған.
Халық ҳәм автотранспорт ҳәрекетине байланыслы шеклеўлерге келсек, атап өтиўимиз лазым Конституцияның 28-статьясында Өзбекстан Республикасы пуқарасы Республика аймағында бир жерден екинши жерге көшиў, Өзбекстан Республикасына келиў ҳәм оннан шығып кетиў ҳуқықына ийе, нызамда белгиленген шеклеўлер буннан тысқары, деп белгиленген. Усы шеклеўлер Өзбекстан аймағын санитар қорғаў шеңберинде енгизилди ҳәмде санитар-карантин қадағалаўын әмелге асырыў ҳәм шеклеўши илажлар енгизиў жолы менен әмелге асырылмақта («Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы Нызамы 31-статья).
Соның менен бирге, Инсан ҳуқықлары дүнья жүзлик декларациясы ҳәмде Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықылар ҳаққындағы халықаалық пакт нызамда көзде тутылған ҳәм мәмлекет қәўипсизлиги, жәмийетлик тәртип, халықтың ден саўлығы ямаса минез-қулқы ямаса басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлери қорғаўы ушын зәрүр болғанда айырым ҳуқықларды шеклеўге жол қояды.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
бөлим баслығы И.Алдабергенов