Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Онлайн ҳуқықый мәсләҳәт


Сораў: Арнаўлы комиссияның қарарлары тийкарында жәриймаға тартыў қаншелли нызамлы?
Пуқаралар карантин илажлары ҳәм санитария қағыйдаларын бузғанлығы ушын Жынаят, жынаят процессуал кодекслери ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекске муўапық жуўапкершиликке тартылады.
Соның менен бирге, «Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы Нызамның 5-статьясына муўапық, санитария қағыйдалары, нормалары ҳәм гигиена нормативлери мәмлекетлик орган ҳәм басқа органлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен әмел етилиўи шәрт болған халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы тараўындағы талапларды белгилейтуғын ҳүжжет есапланады.
Хәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 54-статьясы 2-бөлиминде белгиленгениндей, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ямаса тарқалыўының алдын алыў мақсетинде белгиленген мәжбүрий қағыйдаларды бузыў тийисли түрде жуўапкершиликке тартыўға алып келеди.
Министрлер Кабинетиниң 176-санлы қарарында көрсетилгениндей, Комиссияның өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары кеңселик бойсыныўы ҳәм шөлкемлестириў –ҳуқықый формасына қарамастан барлық шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланады
Сондай-ақ, ҲЖҳКтиң 1-статьясына муўапық, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери тек ғана усы кодекс пенен емес, ал Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары, Министрлер Кабинети қарарлары ҳәм басқа ҳәкимшилик-ҳуқықый ҳүжжетлерден ибарат екенлигин атап өтиў, мақсетке муўапық.  
Жоқарыда айтып өтилгенлер тийкарында усы Комиссия қарарлары талапларын бузып атырған шахсларды жуўапкершиликке тартыўдың нызамлылығы Өзбекстан Республикасы нызамшылығына тийкарланғанлығын атап өтиў лазым

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
бас мәсләҳәтшиси А.Отарбаев