Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Онлайн ҳуқықый мәсләҳәт


Сораў: Арнаўлы комиссияның карарлары нызамлы күшке ийе ме?
Жуӯап:«Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Нызамның 11-статьясына муўапық, Министрлер Кабинетиниң социаллық тараўдағы ўәкилликлерине ден саўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, медициналық жәрдемниң сапасы, нәтийжелилиги ҳәм ҳәмме ушын ашықлығын асырыў, халықтың ден саўлығын сақлаў ҳәм беккемлеў, саламат турмыс тәризи принциплерин енгизиў, сондай-ақ санитария-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў киреди.
Өзбекстан Республикасы Бас министри басшылығындағы Арнаўлы комиссия Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-январьдағы ПФ-5537-санлы бийлиги менен шөлкемлестирилген.
Усы бийликке муўапық, Арнаўлы комиссияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип, коронавирус бойынша эпидемиологиялық жағдайдың жаманласыў қәўипи белгилерин өз ўақтында анықлаў ҳәм кеселлениў қәўипин кемейтириў ҳәмде наўқасларға сапалы медициналық жәрдем көрсетиўге қаратылған прафилактикалық ҳәмде эпидемиологияға қарсы комплекс ис-илажларды әмелге асырыўбелгиленген.
Усы мәселеде бирден бир сиясат әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетини 2020-жыл 23-марттағы 176-санлы қарары менен Комиссияның өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары кеңселик бойсыныўы ҳәм шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан барлық шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланыўы белгилеп қойылды.
Соннан келип шығып, Арнаўлы комиссия қарарлары нызамлы болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова