Янгиликлар
20
Онлайн ҳуқықый мәсләҳәт
Сораў: Адамлардың транспортта, велосипедлер (скутерлар)да, пияда ҳәрекетлениўине байланыслы шеклеўлер орнаталыўы қәншелли нызамлы?
Жуӯап: Халық ҳәм транспорт ҳәрекетлениўине байланыслы шеклеўлерди өз ўақтында орнатпай, вирустын қадағалап болмайтуғын дәрежеде тарқалып кетиўине жол қойған ҳәм нәтийжеде карантин мүддетин узайтырыўға мәжбүр болған шет ел мәмлекетлериниң ашшы тәжрийбесинен көрип турғанымыздай, бул көплеген адамлардың қайтыс болыўына ҳәм үлкен экономикалық зыян көриўине алып келмекте.
«Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, Өзбекстан Республикасы аймағының санитария қорғаўы санитария-карантин қадағалаўын әмелге асырыў ҳәм шеклеўши илажлар (карантин) енгизиў жолы менен тәмийинленеди.
Шеклеўши илажлар (карантин) – жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер тарқалыўының алдын алыўға қаратылған, хожалық ҳәм басқа искерликтиң өз алдына тәртибин, халық, транспорт қураллары, жүклер ҳәм (ямаса) товарлар ҳәрекетлениўиниң шеклениўин нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик, медициналық-санитария илажлары ҳәм басқа илажлар есапланады.
Нызамның усы статьясы халық, соның ишинде транспорт қураллары ҳәрекетлениўин шеклеўге рухсат береди.
«Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамға муўапық транспорт қуралы – бул адамларды, жүклерди тасыўға ямаса арнаўлы жумысларды орынлаўға мөлшерленген қурылма есапланады.
Демек, ўәкилликли органлар карантин дәўиринде ҳәрекетлениў, соның ишинде пияда айланыў ҳәмде скутер ҳәм велосипедлерде ҳәрекетлениўге байланыслы шеклеў шараларын белгилеўи мүмкин.
Буннан келип шығады, халық ҳәм автотранспорт ҳәрекетлениўине байланыслы шеклеўлер енгизилиўи тек ғана нызамлы болып қалмай, ал пуқаралардың жасаў ҳәм ден саўлы:ын сақлаўға байланыслы ҳуқықыларын тәмийинлеў көз қарасынан да өзин ақлайды. Бул илажлар, сондай-ақ экономикалық тәрептен де өзин ақлайды, себеби вирус тарқалыўын қаншелли тез қадағалаўға алсақ, базар ушын унамсыз шәраятлар жүзеге келиўи себепли үзилген экономикалық қатнасықларды соншелли тез тиклеўге ерисемиз.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова