Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққында


Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми – физикалық
ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен ыктыярлылық тийкарда шөлкемлестирилген. Пайда алыўды өз искерлигиниң тийкарғы мақсети етип алмаған ҳәмде алынған дәраматларды өз ағзалары ортасында бөлистирмейтуғын өзин-өзи басқаратуғын шөлкем болып табылады.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң (кейинги орынларда “Шөлкем” деп аталады) дүзилиў мақсети, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин, басқа демократиялық қәдириятларды қорғаў, социаллық, мәдений, мәрипий мақсетлерге ерисиў, мәнәўий ҳәм басқа материаллық емес ықтыяжларды қандырыў, қайырқомлық искерлигин амелге асырыў ушын ҳәмде басқада социаллық пайдалы мақсетлер болып табылады.
Шөлкемниң нызамда белгиленген тийкарғы мәжбүриятларының бири шет мәмлекетлерден, халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлеринен, шет мәмлекетлердиң пуқараларынан яки олардың тапсырмасы менен басқа шахслардан (кейинги орынларда шет елли шахслар деп аталады) пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыўды дизимнен өткериўши орган менен келисип алыўы киреди.
Шөлкемниң бул мәжбүриятын орынлаў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-октябрьде “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң шет мәмлекетлерден, халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлеринен, шет мәмлекетлердиң пуқараларынан яки олардың тапсырмасы менен басқа шахслардан пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыўды дизимнен өткериўши орган – әдиллик органы менен келисиў тәртиби ҳаққында Режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы 858-санлы қарары менен тастыйықланған Реже тийкарында амелге асырылады.
Усы Реже “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң шет мәмлекетлерден, халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлеринен, шет мәмлекетлердиң пуқараларынан яки олардың тапсырмасы менен басқа шахслардан пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыўды усы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин мәмлекетлик дизиминен өткерген орган (кейинги орынларда әдиллик органы деп аталады) менен келисиў тәртибин белгилейди.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери тәрепинен шет елли шахслардан жәми суммасы бир календарь жылда базалық есаплаў муғдарының 20 есесине шекем болған пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыўды нәзерде тутылғанда ҳүжжетлерди мағлыўмат ушын, базалық есаплаў муғдарының 20 есесинен артық муғдардағы пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлкти болса – келисиў ушын әдилик органларына келисиў ушын ҳүжжетлерин усыныўы шәрт.
Келисиў ушын ҳүжжетлер пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўы мөлшерленген сәнеден кеминде жигирма күн алдын әдиллик органына Режеде келтирилген мүрәжатнама формасына муўапық онда нәзерде тутылған ҳүжжетлер көширмелерин қосымша етген ҳалда жазба яки электрон формада мүрәжаты менен әмелге аырылады.  
Егер шөлкемге мәлим болмаған ҳалда оның банктеги есап бетине пул қәрежети киргизилсе яки мал-мүлк келип түссе, бул ҳаққында хабар тапқан яки хабар табыўы лазым болған күннен баслап үш күн ишинде мүрәжатнама формасына муўапық онда нәзерде тутылған ҳүжжетлер нусқаларын қосымша етген ҳалда келисиў ушын әдиллик органына мүрәжат етиўи шәрт болады.
Егер шөлкемге шет елли шахслардан пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк ажыратылыўы, Өзбекстан Республикасының халықара шәртнамаларында ажыратылған пул қәрежетлериниң муғдары ҳәм мал-мүлк анық көрсетилгенде, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде, Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлисиниң палаталары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы, Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанда, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер менен шөлкемлестирилген республика комиссиялары ҳәм кеңеслериниң ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанда, мәмлекетлик шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң өз ара бирге ислесиў ҳаққындағы питимлеринде нәзерде тутылғанында, халықара ҳәм шет ел мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўәкилхана ҳәм филиалларына бас шөлкемлери тәрепинен пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк ажыратылғанда ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 15-ноябрьдеги 251-санлы қарары менен тастыйықланған Мириўбет жәрдеми жүклери қабыл етилиўи, есапқа алыныўы, анық жөнелтилген тәризде бөлистирилиўи ҳәм олардан мақсетли пайдаланыўын қадағалаў тәртиби ҳәмде мириўбет жойбарлары мониторинги ҳаққында Режеге муўапық мириўбет (инсаныйлық) жәрдеми алынғанда олардың алыныўы әдиллик органлары менен келисиўди талап етпейди.
Бул тийкарларға көре алынған пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк ҳаққында олардың алыныўынан кеминде үш жумыс күни алдын шөлкем тәрепинен мүрәжатнама формасына муўапық мағлыўматлар ҳәм мүрәжатнамада нәзерде тутылған тийисли ҳүжжетлер көширмелери әдиллик органына мағлыўмат ушын усынылады.
Әдиллик органы тәрепинен шөлкемниң шет елли шахслардан пул кәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў ушын усынылған ҳүжжетлери он бес күн ишинде көрип шығылады. Егер ҳүжжетлерди көрип шығыў процессинде пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўы менен байланыслы өзгерислер болған жағдайда, шөлкем бул ҳаққында әдиллик органына бир күн ишинде өзгерислер менен байланыслы мағлыўматларды қосымша етген ҳалда жазба ямаса электрон формада хабар береди.
Әдиллик органы зәрүрият болғанда мүддет көрсетилген ҳалда шөлкемнен тийкарланған тәризде қосымша ҳүжжетлер сораа алыўы мүмкин. Сондай-ақ, әдиллик органы шөлкем тәрепинен келисиў ушын усынылған ҳүжжетлердиң исенимлилигин, олардың нызам ҳүжжетлерине ҳәм шөлкем уставында (режесинде) белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпаларға муўапықлығын үйренеди.
Әдиллик органы ҳүжжетлерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша шет елли шахслардан пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў яки себеплерин көрсетген ҳалда келисиўди бийкар етиў ҳаққында шөлкемди жазба ямаса электрон формада хабардар етеди. Егер белгиленген мүддетте әдиллик органы тәрепинен пул қәрежетлерин ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў яки келисиўди бийкар етиў ҳаққында шөлкемге жазба ямаса электрон формада хабар берилмесе, олардың алыныўы әдиллик органы менен келисилген деп есапланылады.
Егер пул-қәрежетлери ҳәм мал-мүлкти алыў Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимин зорлық пенен өзгертиў, суверенитети, бир пүтинлиги ҳәм қәўипсизлигине зыян келтириў, пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин кемситиў, урыс, социаллық, миллий, расолық ҳәм диний көреалмаслықты үгит-насиятлаў, жынайий искерликтен алынған дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржылындырыў, пуқаралардың ден саўлығы ҳәм мәнәўиятына басым етиўге қаратылған, усынылған ҳүжжетлерде жалған мағлыўматлар көрсетилген, пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўы нызам ҳүжжетлери ҳәм шөлкем уставы (режеси) талапларыны қайшы, пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў бойынша мүрәжат белгиленген тәртип ҳәм мүддетге әмел етпеген ҳалда усынылған болса, әдиллик органы тәрепинен шөлкемнен пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў бойынша соралған қосымша ҳүжжетлер белгиленген мүддетте усынылмаса шет елли шахслардан пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиў бийкар етиледи.
Келисиў бийкар етилгенде, шөлкем бийкар етилген себеп болған кемшиликлерди сапластырыўы ҳәм әдиллик органына белгиленген тәртипте мүрәжат етиўи мүмкин болады, сондай-ақ, өз мүрәжатын көрип шығылыўына шекем ҳәм көрип шығылып атырған ўақытта мүрәжат бойынша қарар қабыл етилгенге шекем нызам ҳүжжетлерине муўапық қайтарып алыў ҳуқықына да ийе болады. Соның менен катар шөлкем пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўын келисиўдиң бийкар етилиўи үстинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шағым етиўи мүмкин.
Шөлкемниң есапбетлерине шет елли шахслардан олардың уставларында (режелеринде) нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын келип түскен пул қәрежетлеринен ҳәм мал-мүлкден келисим алынғаннан соң қандайда тосқынлықларсыз пайдаланады.
Алынған пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк нызам ҳүжжетлерине, шөлкем уставында (режесинде) ҳәм усынылған ҳүжжетлерде белгиленген мақсет ҳәм усылларға муўапық ислетилиўи ушын шөлкем басшысы яки ол тәрепинен ўәкиллик берилген шахс, ал пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлк алыныўының келисиў талаплары бузылыўына айыпкер болған шахслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
Әдиллик органының сораўы менен шет елли шахслардан алынған пул қәрежетлери ҳәм мал-мүлкден пайдаланылыўы бойынша мағлыўматлар ҳәм тийисли ҳүжжетлерди усыныўы шәрт.
Жуўмақ орнына соны айтыўымыз керек, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында үлкен социаллық әҳмийетге ийе алдыңғы қатардағы машқалаларды шешиўде, социал –экономикалық раўажланыўдың тармақлық, аймақлық ҳәм территориал, алды менен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўына мүтәж болған тараўларда дәстүрлерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда ҳәмде мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары менен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери арасындағы өз ара бирге ислесиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый базаларын жетилистириўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң актив қатнасатуғынлығына исенип қаламыз.

Қарақалпақстан Республикасы  Әдиллик министрлигиниң
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер
бөлими баслығы
Отеулиев Абилкасим Отегенович