Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Нызамшылықтағы жаңалықлардан хабардарсизба?


Президент жанында Жәмийетшилик палатасы шөлкемлестирилди.

«Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетшилик палатасын шөлкемлестириӯ ҳаққында» Президент Пәрманы (ПФ-5980-сан, 16.04.2020 ж.) қабыл етилди.
Пәрманға муӯапық, президент жанында Жәмийетшилик палатасы ҳәм ҳәр бир аймақта оның бөлимлери шөлкемлестириледи.
Пуқаралардың мәмлекет ҳәм жәмийет жумысларындағы қатнасын активлестириӯге ҳәмде мәмлекетлик-жеке шерикликтиң заманагөй механизмлерин енгизиӯге көмеклесиӯ Жәмийетшилик палатасы искерлигиниң тийкарғы бағдарларынан бири.
- Жәмийетшилик палатасы жәмийетшилик тийкарында ислейтуғын 50 ағзадан ибарат болып, олардың:
- 18 ағзасы Президент тәрепинен тайынланады;
- 18 ағзасы жергиликли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ҒХҚ ҳәм кең жәмийетшилик ӯәкиллери усынған талабанлар арасынан таңлап алынады;
- 14 ағзасы аймақлық жәмийетшилик палаталары ӯәкиллеринен ибарат.
Аймақлық жәмийетшилик палатасы жәмийетшилик тийкарда ислейтуғын 21 ағзадан ибарат болып, олар аймақларда искерлик алып барып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, илимий орталықлар, ҒХҚлар ҳәм кең жәмийетшилилк ӯәкиллеринен қәлиплестириледи.
Жәмийетшилик палатасы ҳәм аймақлық жәмийетшилик палаталары ағзаларының ӯәкиллик мүддети – 3 жыл.
Пәрман менен Президент жанындағы Пуқаралық жәмийетин раӯажландырыӯ бойынша мәсләҳәт кеңеси ҳәм Пуқаралық жәмийетин раӯажландырыӯ орайы искерлиги сапластырылды.
Сондай-ақ, «Mening fikrim» веб-порталы Жәмийетшилик палатасына өткерилди.
Жәмийетшилик палатасы:  
Президент ҳәм Олий Мажлис палаталарына пуқаралық жәмийетиниң жағдайы ҳәм раӯажланыӯ тенденциялары ҳаққында жыллық миллий докладларды усынады;
Конституцияға өзгерис ҳәмде дүзетиӯлер киргизиӯ ҳаққындағы усыныслар, мәмлекет социал-экономикалық турмысына байланыслы ҳәм жәмийетшиликте айрықша қызығыӯ оятатуғын өте әҳмийетли мәселелерге байланыслы нызам ҳүжжетлери жойбарларын көрип шығады;
мәмлекетлик органларына нызамлардың, түрли тараӯдағы мәмлекетлик бағдарламаларының орынлаӯы ҳәмде олардың ӯәкилликлерине киретуғын басқа әҳмийетли мәселелер бойынша түсиник бериӯ талабы менен Жәмийетшилик палатасы сораӯын жибериӯ ҳуқықына ийе.
Жәмийетшилик палатасы Баслығы дәрежесине көре министрге, баслықтың биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары болса тийислилигинше министрдиң биринши орынбасары ҳәм министр орынбасарларына теңлестириледи.

Нөкис қаласы әдиллик бөлими баслығы К.Реймназаров