Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Дем алыс күни жумыс ислеўден бас тартыў мүмкинбе?


Дем алыс күнлери бизге ден саўлықты тиклеў, шаңарақ ағзалары, жақын туўысқанларыңыз ҳәм дослар менен ойнап күлип дем алыў ушын бериледи. Бирақ, бул бойынша нызамшылықтағы өзине тән өзгешеликлерин билмеў, дем алыў ҳуқықынан айырыўы мүмкин.
Нызамшылықта дем алыс ўақтына төмендегише тәрип берилген: “Дем алыс ўақты — хызметкер мийнет ўазыйпаларын орынлаўдан бос болған ҳәм өз ықтиярына көре пайдаланыўы мүмкин болған ўақыт.” (MK 126-статья).
Егер Сизиң кәсибиңиз дем алыс ҳәм байрам күнлери ис режиминде өткериўди талап ететуғын болса, айтайық, баслаўшылық ямаса тойларды шөлкемлестириўши болсаңыз — бул сизиң таңлаўыңыз саналады, яғный пул табыў ушын Сиз өз ықтиярыңыз бенен таңлаған усыл. Бирақ, дем алыс күни жумысқа мәжбүрий түрде шақырылғанлар қандай жол тутыў керек?
Бириншиден, бундай усынысқа ҳеш ойланбастан бас тартыўыңыз мүмкин. Себеби нызамшылықта, мекеме яки кәрхана дем алыс ҳәм ямаса байрам күнлери өз хызметкерлерине жумыс ислетиў қадаған етилген. (MK 130-статья).
Екиншиден, жумыс бериўшиниң бийлиги менен айырым хызметкерлерди дем алыс күнлери жумысқа тартыўға айрықша жағдайларда ғана, жәмәәтлик шәртнамасында, егер ол дүзилмеген болса, — жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамы комитети яки хызметкерлердиң басқа ўәкиллик органлары менен келисип белгиленген тийкарлар бойынша ҳәм тәртибинде жол қойылады.
Төмендеги хызметкерлер дем алыс күнлери жумысқа тартыўға жол қойылмайды:
•    Ҳәмледар ҳаялларды ҳәм 14 жасқа толмаған баласы (16 жасқа толмаған нәгиран баласы) бар болған ҳаялларды (MK 228-статья);
•    18 жасқа толмаған шахсларды (MK 245-статья);
•    нәгиранларды (дем алыс күнлеридеги жумысларға тартыў, олардың разылығы болғанда ҳәмде олар ушын бундай жумыслар медициналық усынысларды қадаған етилмеген болса, жол қойылады) (MK 220-статьясы 5-бөлими).
Буннан тысқары, дем алыс яки байрам күнлери жумысқа шығыўға разылық берген болсаңызда, усы жағдайдың унамлы тәрепиде бар: жумыс бериўши Сизиң режелестирмеген жумысыңызды еки есе қылып қаплаўы яки дем алыс күнин басқа бир күнге өткериў бойынша усыныс етиўи лазым. (MK 157-статья).
Компенсацияның анық муғдары жәмәәтлик шәртнамасында, егер ол дүзилмеген болса, — жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамы комитети яки хызметкерлердиң басқа ўәкиллик органлары менен келисилген ҳалда белгилениўи көзде тутылған.
Сондай-ақ, хызметкердиң илтимасына көре, жумыс ўақтынан тысқары жумыс ушын жумыс ўақтынан тысқары орынланған жумыс саатларына тең келетуғын муғдарда отгул берилиўиде мүмкин.
Өмирде ҳәр нәрсениң өз ўақтында болғаны жақсы, ислеп таўып атырған пулымыз, жумыс саатларымыздың қанша болыўына қарамастан, көпшилик жағдайларда адам өзин дем алыс күнлери жәнеде бахтлы сезер екен.


Қараөзек районы әдиллик
бөлими баслығы                                                                    
О.Джуманиязов