Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Мәмлекетимизде норма дөретиўшилиги искерлиги сапасын түптен асырыўға, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң әмелге асырылып атырған реформалар процессине тәсирин күшейттириўге қаратылған кең көлемли ислер әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге жергиликли атқарыӯшы ҳәкимият уйымларының қарарларын қабыл етиў процесслериниң қурамалылығы, ашықлығы тәмийинленбегенлиги ҳәмде усы тараўға мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилмегенлиги, орынларда жүзеге келип атырған машқалаларды өз ўақтында ҳәм үнемли шешиўге тосқынлық етип келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-декабрьдеги   «Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, бул бойынша жәмийетшилик қадағалаўды күшейтиў ҳәмде жәмийетте ҳуқықый мәдениятты асырыӯ бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4551-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлик искерлигине тийисли қарарлар қабыл етиў процессиниң ашықлығын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-апрель куни «Жергиликли атқарыӯшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын қарарларды ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимнен откериўдин бирден-бир электрон системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 218-санлы  қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр мәмлекетлик комитети ҳәкимликлер тәрепинен 1993-жыл 18-сентябрьден 2020-жыл 1-мартқа шекем қабыл етилген физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер ажыратыў ҳаққындағы өз күшинде болған шешимлерин 2020-жыл 1-сентябрьге шекем толық хатлаўдан өткерип, тийисли ҳәкимликлердиң рәсмий веб-сайтларында жәрия етилиўи тәмийинлениўи;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм коммуникациларды раўажландырыў министрлиги «Давергеокадастр» комитети ҳәмде Әдиллик министрлиги менен биргеликте төмендегилерди нәзерде тутыўшы жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын қарарларды ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимнен өткериўдиң бирден-бир электрон «E-qaror» системасын 2021-жыл 1-январьға шекем сынаў түринде иске түсирилиўи;
Жергиликли атқарыӯшы ҳәкимят уйымларының қарарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў, дизимнен өткериў, оларға такрарланбайтуғын айрықша сан  бериў ҳәм автомастластырылған тәртипте жәрия етиў процессин басқарыў ҳәм қадағалап барыў, сондай-ақ, зәрүрлик болғанда мәпдар мәкемелер тәрепинен жойбарларға электрон көринистеги  виза қойылыўы;
2021-жыл январь-май айларында Қашқадәрья ўалаятында «E-qaror» электрон системасын апробация қылыў бойынша ҳуқықый эксперименттен өткерилиўи;
2021-жыл 1-июльдан баслапҳукықый эксперимент нәтийжелери тийкарында «E-qaror» электрон системасы республикамыздың барлық дәрежесиндеги жергиликли атқарыӯшы ҳәкимят уйымларында енгизилиўи белгиленди.


Ҳуқықый экспертиза ҳәм юридикалықхызметкерлердиң
искерлигин муўапықластырыў бөлими