Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Қыйтақ жерге егин екпегенлиги ушын ҳәкимшилик жуӯапкершилик белгилеӯ бойынша жойбар ислеп шығылмақта

«Дыйқан хожалықлары ҳәм халық қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыӯ, егин егиӯ жумысларын системалы шөлкемлестириӯ ҳәмде өним жетистириӯ көлемлерин көбейтиӯ ис-илажлары ҳаққында» Ҳүкимет қарары (216-сан, 14.04.2020 ж.) қабыл етилди.
Қарарға муӯапық, район (қала) ҳәкимлериниң аӯыл хожалығы егин түрлерин ҳәм жетистирилетуғын өним прогноз көрсеткишлерин мәҳәлле пуқаралар жыйыны кесиминде белгилеӯди нәзерде тутыӯшы қарарлары қабыл етиледи.
Усы қарарларда, сондай-ақ, қыйтақ жерге егин екпеген жер ийесине жер салығын асырылған ставкада қоллаӯ мәселелери нәзерде тутылады.
Қыйтақ жер участкаларына суӯ жеткерип бериӯ мақсетинде суӯғарыӯ қудуқларын қазыӯ жойбарларына эколлгиялық экспертиза жуӯмағы ҳәм гидрогеологиялық жуӯмақлар пулсыз бериледи.
Дыйқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары мийӯе-палызшылық кластерлери ҳәм кооперацияларына ыхтыярий тийкарда бириктириледи.
Кластер  ҳәм кооперацияларға бириктирилген дыйқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкаларына Президенттиң тийисли қарарында (https://www.lex.uz/docs/4641164) нәзерде тутылған жеңилликлер енгизиледи.
Сондай-ақ, егин екпеген қыйтақ жер ийелерин ҳәкимшилик жуӯапкершиликке тартыӯды нәзерде тутыӯшы нызам жойбары еслеп шығылады.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими