Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


"Жабайы ҳалда өсиўши дәрилик өсимликлерди қорғаў, мәдений ҳалда жетистириў, қайта ислеў ҳәм бар болған ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ис-илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-майдан баслап дәрилик өсимликлерди жетистириў, сақлаў, бирлемши ямаса терең қайта ислеў кластерлери шөлкемлестириледи, сондай-ақ аймақлар дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша қәнигелестириледи.
Дәрилик өсимликлер кластери ушын жер майданы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм басламашылар ортасында дүзилетуғын  питим тийкарында ажыратылады.
Сырт ел инвесторлары қатнасындағы дәрилик өсимликлер кластерине жер майданы инвестиция киргизиў ҳаққындағы шәртнама имзаланғаннан кейин Министрлер Кабинети тәрепинен ажыратылады.
Кластерди шөлкемлестиретуғын басламашы тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- арза
- бизнес реже ямаса техникалық-экономикалық тийкарнама
- зәрүр инфраструктура объектлери, мал-мүлк ҳәм басқа қураллардың бар екенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама.
Қарар менендәрилик өсимликлер кластериниң тийкарғы ўазыйплары белгиленди.
Қәнигилестирилген аймақларда дәрилик өсимликлерди жетистириў, туқымлық ҳәм нәллерди таярлаў, басқышпа-басқыш заманагөй дәрилик өисмликлер платенцияларыншөлкемлестириў усы кластерлердиң ўазыйпаларынан бири ес апланады.
2023-жыл 1-январьға шекем дәрилик өсимликлер кластерлери, дәрилик өсимликлержетистириўшилер ҳәм қайта ислеўшилер тәрепинен Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша алып келинетуғын шийки зат, үскенелер, арнаўлы техникалар, сондай-ақ фитобарлар ушын вендинг автоматлары бажыхана бажыдан азат етиледи.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими